Олий Мажлис Нызамшылық палатасының гезектеги мәжилисинде депутатлар Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2020-жыл 9 айы жуўмақларының орынланыўы ҳаққындағы есабатты додалады.

Додалаўларда Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажландырыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик статистика комитети, Орайлық банк ҳәм басқа да тийисли министрликлер, уйымлардың ўәкиллери қатнасты.

Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайлары Өзбекстан экономикасына да тәсир өткермей қалмады. 2020-жылдың 9 айлық жуўмағына бола, мәмлекеттиң ишки өними өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 0,4 процентке өскен.

2020-жылдың 9 айлық Мәмлекетлик бюджет дәраматлары дерлик 94,5  триллион сумды қураған болса, пандемия шараятларын есапқа алған ҳалда анықластырылған болжаў көрсеткишлери 102,9 процентке ямаса 2 триллион 661 миллиард сумға арттырып орынланған.

Өткен 9 айда мәмлекетлик бюджеттиң қәрежетлери мәмлекетлик мақсетли қорларды есапқа алмаған ҳалда 94,5 процентке орынланған ямаса бюджет қәрежетлери  ЖИӨге салыстырғанда 25 проценттен ибарат болды. Пандемия келтирип шығарған қыйыншылықларға қарамастан, бюджет шөлкемлериниң дерлик 33,6 триллион сумлық мийнет ҳақысы ҳәм оған теңлестирилген төлемлери және  7,1 триллион сумлық мийнет ҳақысына ажыратпалары өз мүддетлеринде толық қаржыландырып берилгени үлкен әҳмийетке ийе.

Есап бериў дәўиринде социаллық қәрежетлерди қаржыландырыў ушын Мәмлекетлик бюджеттен 53,6 триллион сумнан аслам ямаса улыўма қәрежетлердиң 52,5 проценти муғдарына тең қаржы жумсалған. Бул қәрежетлер ЖИӨге салыстырғанда 13,1 процентти қурады. Олардың 84 проценти социаллық тараў ҳәм халықты социаллық қоллап-қуўатлаў қәрежетлери үлесине туўра келмекте.

Ҳәммемизге белгили, коронавирус пандемиясы дәўиринде халықтың саламатлығын сақлаў мәселесине тийкарғы әҳмийет қаратылды. Денсаўлықты сақлаў тараўына мәмлекетлик бюджеттен 13,6 триллион сумнан артық қаржылар қаратылған. Бул болса өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда дерлик 3,1 миллиард сумға көп дегени.

Соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм Ҳүкимет қарарларына тийкарланып тастыйықланған денсаўлықты сақлаў тараўына байланыслы Мәмлекетлик бағдарламалар ҳәм орайласқан илажларға усы жыдың тоғыз айы ишинде 431 миллиард сумнан аслам қаржы ажыратылып, оның 98 проценти мақсетли өзлестирилген.

Глобал пандемия шараятында денсаўлықты сақлаў тараўына тастыйықланған бюджет қаржыларынан тысқары Кризиске қарсы гүресиў қорының есабынан да тийисли қаржылар қаратылғаны сыр емес. Соның ишинде, Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық агентлиги ҳәм оның аймақлық орайларына коронавиурстың жаңа түри кирип келиўи ҳәм тарқалаўының алдын алыўға қаратылған илажларға жәми 2 триллион 440,3 миллиард сум қаржы ажыратылған.

Мәжилисте депутатлар итибарды, ең дәслеп бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў мәселелерине қаратты. Халық ўәкиллери Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик финанслық қадағалаў департаменти ҳәм оның аймақлық басқармалары тәрепинен 2020-жылдың 9 айы даўамында өткерилген қадағалаў илажларында 129 миллиард сум әтирапында бюджет тәртибин бузыў, ақша ҳәм товар материаллық байлықлардың кемис шығыўы және тийкарсыз қәрежетлердиң анықланғанын унамсыз баҳалады.

Бундай жағдайлар есап бериў дәўиринде Халық билимлендириў министрлги (389 жағдайда 40,7 миллиард сум), Денсаўлықты сақлаў министрлиги (345 те 22 миллиард сум), Мектепке шекемги билимлендириў системасында (159 да 10,7 миллиард сум) ең көп анықланғаны сынға алынды, жуўапкерлер буннан қатаң жуўмақ шығарыў зәрүр екенин атап өтти.

Буннан тысқары, коронавирусқа қарсы гүресиў илажларына тартылған бир қатар медициналық мәкемелердиң жумысы ушын Кризиске қарсы гүресиў қоры тәрепинен ажыратылған қаржылардың жумсалыўында анықланған 70,7 миллиард сумлық қәте ҳәм кемшиликлер, әмелдеги қағыйдаларға әмел етпеў жағдайларына да сын көзқарастан баҳа берилди.

Додалаўлар процесинде бюджетти қәлиплестириў ҳәм орынланыўын тәмийинлеўде нәтийжелилик зәрүр екени атап өтилди. Бул бағдарда бюджет системасында анық илажлар көрилип басланғаны атап өтилди. Соның менен биргеликте, бюджет системасында «Нәтийжеге бағдарланған бюджет»ти қәлиплестириў ҳәм орынланыўын тәмийинлеўде айрықша өзгерислердиң сезилмей атырғаны да көрсетип өтилди. Соның ушын, қаржы және басқа да жуўапкер министрликлер ҳәм уйымларға бюджет қаржыларының нәтийжелилигине байланыслы мағлыўматларды көбирек жарытыў мәселеси қойылды.

Мәжилис қатнасыўшылары және бир әҳмийетли мәселе – Мәмлекетлик инвестициялық бағдарламаға социаллық тараўды раўажландырыўға қаратылған қаржылар ҳәм олардан мақсетли ҳәм нәтийжели пайдаланыў бағдарында есабатта жетерли дәрежеде таллаў мағлыўматларының киргизилмегенин көрсетип өтти. Соның ушын халықты қыйнайтуғын газ, ишимлик суўы, электр тәмийнаты, жоллар, бақша, мектеп ҳәм денсаўлықты сақлаў мәселелерине байланыслы 9  айдың жуўмақлары бойынша қосымша мғлыўматлардың берилиўи мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди.

Мәмлекетлик бюджеттиң 2020-жылдың тоғыз айында орынланыўын ҳәр тәреплеме додалаў ўақтында сиясий партиялар фракцияларының ўәкиллери өз көзқарасларын ҳәм пикирлерин билдирип, бюджет қаржыларынан нәтийжели ҳәм мақсетли пайдаланыў, бюджет шөлкемлеринде финанслық тәртипке әмел етиў, мәмлекетлик уйымлардың бюджеттиң орынланыўы бойынша жуўапкершилигин арттырыў бойынша усынысларын берди.

Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы фракциясының ағзалары өзлериниң сиясий бағдарларынан келип шыққан ҳалда мәмлекетлик бюджеттиң 9 айдың жуўмақларына байланыслы есабатта ҳәр бир министрлик ҳәм уйымлардың кеңейтилген қәрежетлерин оларға қойылған ўазыйпалар менен байланысқан ҳалда көрип шығыў зәрүр екенин атап өтти.

Сондай-ақ, фракция ағзалары Қаржы министрлиги бюджет параметрлеринде қаржыландырыў дәрежеси артта қалып атырған биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилер менен биргеликте мәмлекетлик бюджетте нәзерде тутылған қәрежетлерди өз ўақтында әмелге асырыў бойынша жыл ақырына шекем болған дәўир ушын қаржыландырыў ҳәм оларды мақсетли өзлестириўге байланыслы реже ислеп шығып, әмелге асырыўды усыныс етти.

Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы фракциясы  ағзалары коронавирус пандемиясы шараятын есапқа алып, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик салық комитети және тийисли министрлик ҳәм шөлкемлер менен биргеликте нызам ҳүжжетлеринде нәзерде тутылған салық дем алыслары ҳәм жеңилликлерин толық инвентаризициядан өткерген ҳалда олардың нәтийжели емеслигин бийкар етиў бойынша анық усыныслар ислеп шығыўды және оларды белгиленген тәртипте Министрлер Кабинетине киргизиўди алға қойды.

Сондай-ақ, фракция тәрепинен Министрлер Кабинетине тийисли министрликлер, шөлкемлер ҳәм жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен биргеликте орынларда өткерилген финанслық қадағалаў илажларында анықланған бюджет тәртибин бузыў, пул ҳәм товар материаллық байлықлардың кемислиги ҳәм тийкарсыз қәрежетлерди әмелге асырыў жағдайларының келип шығыў себеплерин терең таллаў ҳәм нызам бузыўшылық жағдайларының алдын алыўға қаратылған  тәсиршең илажлар көриў усыныс етилди.

«Адолат» социал-демократиялық партиясы фракциясы ўәкиллери бюджет қаржыларынан мақсетли ҳәм ақылға уғрас пайдаланыў бюджет қәрежетлери үстинен қадағалаўды күшейтиўде биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилер тәрепинен ишки аудит системасын активлестириў ҳәм жуўапкершилигин арттырыўға байланыслы алып барылып атырған жумыслар есабатта кеңнен жазылыўы кереклиги, бюджетке артықша төлемлердиң муғдары кемеймей атырғанлығы ҳәм бунда Мәмлекетлик салық комитетиниң толық мәлимлемесин тыңлаў мақсетке муўапық екенлиги атап өтилди. Сондай-ақ, депутатлар мәмлекетлик бюджет дәраматлары турақлы өсиўин ҳәм салық салыўдың әдиллик принципин тәмийинлеў ҳәм салық жеңилликлерин тәртипке салыўға байланыслы қосымша мағлыўматлар зәрүр екенлигин атап өтти.

Өзбекстан Халық демократиялық партиясы фракциясы ўәкиллери мәмлекетлик бюджет қәрежетлерин халықты социаллық  қоллап-қуўатлаў ҳәм бәнтлигин арттырыў, кәмбағаллықты қысқартыў және социаллық қорғаўдың мәнзиллилиги бойынша мәселелерге итибар қаратты. Усы бағдардағы бар машқалаларды есапқа алған ҳалда  Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлилигине мәмлекетте камбағаллықты қысқартыў бойынша бюджет қаржылары есабынан әмелге асырылып атырған жойбарлар ҳәм олардың нәтийжелери бойынша Ҳүкимет сааты шеңберинде есабат берип барыў усыныс етилди.

Сондай-ақ, Инвестициялық бағдарлама шеңберинде мәмлекетлик бюджет есабынан социаллық тараў объектлерин қурыў, реконструкциялаў, қурамалы оңлаў ҳәм үскенелеў жумысларын жыл ақырына  шекем толық әмелге асырылыўын тәмийинлеў ҳәм бул бағдардағы жумыслар бойынша Министрлер Кабинетине турақлы мәлимлеме берип барыў мақсетке муўапық деп пикир билдирди.

Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясы ағзалары Мәмлекетлик бюджеттиң 9 айлық орынланыўына байланыслы суў ҳәм жер ресурсларын сақлаў, олардан нәтийжели пайдаланыў, экологиялық жағдайды жақсылаўға қаратылған ҳәм басқа да әҳмийетли мәмлекетлик бағдарламаны қаржыландырыў мәселесине итибар қаратыў кереклигин атап өтти.

Сондай-ақ, фракция ағзалары усы ҳүжжетлердиң режелестирилген мәмлекет қәрежетлери менен үйлесимлигин ҳәм қадағалаўды күшейтиў мақсетинде биринши дәрежели бюджет қаржыларын бөлистириўшилер ушын Мәмлекетлик бағдарламаға ажыратылып атырған қаржыларды айрықша  қатарларда көрсетиў механизми енгизилиўи бюджет процесиниң ашық-айдынлығын арттырыў имканиятын беретуғынын атап өтти.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасы додалаў ўақтында билдирилген пикир-усынысларды ҳәр тәреплеме көрип шығып, Министрлер Кабинетиниң Мәмлекетлик бюджет ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлар бюджетлериниң 2020-жыл 9 айлығы бойынша орынланыўы ҳаққындағы есабатты тастыйықлаў ҳаққында тийисли қарар қабыл етти.

 

ӨзА