Республикалық билимлендириў орайы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги жанындағы республикалық оқыў- методикалық орайы менен биргеликте Миллий оқыў бағдарламасын ислеп шығыў бойынша  дөретиўши топар шөлкемлестирилди.

Бул топар тәрепинен Миллий оқыў бағдарламасы  жойбары ислеп шығылып, додалаў ушын интернет  тармағына жайластырылды.

Бул илажлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 2-марттағы 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша Ҳәрекетлер статегиясын  «Илим мәрипат ҳәм  санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда  әмелге асырыў Мәмлекетлик бағдарламасы ҳаққында»ғы пәрманының орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилмекте.

Пәнлер кесиминде Миллий бағдарламасына муўапық, қарақалпақ тили ҳәм әдебияты, рус тили ҳәм әдебияты, физика, математика, биология, химия, география, тарийх, мәмлекетлик  ҳуқық тийкарлары, технология, сүўретлеў өнери ҳәм сызыў, музыка, ЖШШТ, денетәрбия, информатика, инглис, немис, француз  тиллери  пәнлери усы жылдың 27-ноябрине шекем экспертизадан  өткериледи.

Ал, 2021-жыл 1-мартқа шекем тәжирийбели падагоглар, илимий хызметкерлер, психолог ҳәм сырт ел экспертлери  Финляндияның тәжирийбели қәнигелери  бириктирилген ҳалда Миллий оқыў бағдарламасын ислеп шығыўда қатнасады. Бағдарлама 2021-2022-оқыў жылынан баслап, тәжирийбе сынаў түринде енгизиледи.

Пәнлер кесиминде Миллий оқыў бағдарламасын  экспертизадан  өткериў жумыслары даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги