Усы жылдың 17-ноябрь күни Наўайы мәмлекетлик кәншилик институты Нѳкис филиалында «Ўатанымыз байрағы – мақтанышымыз, ар-намысымыз» атамасында онлайн байрам илажы болып ѳтти.

Онда филиал директоры Ф.Худойбердиев, ϴзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамы ағзасы шайыр Р.Отарбаев, ҚМУ студенти, самбо гүреси бойынша жәҳән чемпионы К.Дәрменбаева ҳәм басқалар шығып сѳйлеп, мәмлекетимиз байрағының халқымыз тәғдири, елимиздиң раўажланыўында тутқан орны ҳәм әҳмийетиниң қаншелли дәрежеде жоқары екенлигин айтып ѳтти.

Мәмлекет нышанларының бири болған байрақ бул ѳзлигимизди билдиреди, миллийлигимизди раўажландырады, соның менен бирге, байрақ бул басқа нышанлар менен биргеликте ϴзбекстан Республикасының паспорты десекте болады. Себеби байрақ, гимн, герб бул мәмлекетимиздиң ғәрезсиз екенлигин билдириўши ҳүжжет болып табылады.

Илажда атап ѳтилгениндей, халқымыздың ѳтмишин, бүгинги күнин ҳәм айдын келешегин ѳзинде жәмлеген байрағымыз, инсанларды ҳәмийше кәмиликке ҳәм бахытқа жетелеўши күшке ийе Ўатанымыздың айқын тымсалы болып есапланады.

 

Майсара ДОСТАНОВА,
  ҚМУ журналистика бағдарының студенти.

      Қарақалпақстан хабар агентлиги