Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Бюджет ҳәм экономикалық реформалар мәселелери бойынша комитетиниң видеоконференцбайланыс түриндеги мәжилиси болып өтти.

Онда парламент жоқары палатасының тоғызыншы жалпы мәжилисинде көрип шығылыўы режелестирилген мәселелер дәслепки түрде додаланды.

«Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша илажлардың қабыл етилгенлиги мүнәсибети менен Өзбекстан Республиксының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Бул ҳүжжет пенен «2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджети ҳаққында»ғы нызамға және Салық кодексине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.

Атап айтқанда, нызамға киргизилген өзгерислер менен, баҳаның өсип кетиўиниң алдын алыў мақсетинде усы жылдың ақырына шекем айырым түрдеги акциз салығы ставкаларын өзгериссиз сақлап турыў нәзерде тутылмақта.

Сондай-ақ, аўыл хожалығы жерлерин суўғарыў ҳәм балық жетистириў ушын пайдаланылған суў көлемлери бойынша салық ставкаларының белгиленген муғдардан 50 процентке азайтылатуғыны да белгиленбекте.

Соның менен бирге, Президенттиң пәрман ҳәм қарарлары менен экономиканы раўажландырыў ушын көрилген илажлар тийкарында Салық кодексине бир қатар өзгерислер киргизилмекте.

Атап айтқанда, нызамшылықта белгиленген айрықша салықлар ҳәм жыйымлар бойынша жеңилликлер бериў және салық ставкаларын өзгертиў, төлеў мүддетлерин создырыў, салықлар, пеня ҳәм жәриймалар төлеўди кешиктириў, бөлип-бөлип төлеў ямаса мүддетин созыў, мәжбүрий өндириў илажларын тоқтатып турыў сыяқлылылар нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, мәжилисте Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2020-жылдың тоғыз айы даўамында Ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламасы орынланыўының барысы ҳаққындағы есабаты да додалаў орайында болды.

Экономика бағдарына тоқтап өтетуғын болсақ, дәслепки есап-санақларға бола, усы жылдың январь-сентябринде жалпы ишки өним (ЖИӨ)ниң өсиўи 0,3-0,5 процентти қурайтуғыны күтилмекте.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2020-жыл 30-июльдеги тийисли пәрманына муўапық, «темир дәптер»ге киргизилген жәрдемге мүтәж шаңарақларды материаллық қоллап-қуўатлаў мақсетинде Қурбан ҳайыт байрамы алдында 154 миллиард сум материаллық жәрдем, август айында 260 миллиард сум бир мәртелик материаллық жәрдем, сондай-ақ, тез медициналық жәрдем бригадаларының 41 мыңнан аслам хызметкерлерине бир мәртелик ақшалай сыйлықлар ушын 141 миллиард сум қаржы ажыратылған.

«Темир дәптер»ге киргизилген материаллық жәрдем ҳәм жәрдемге мүтәж шаңарақлардык 16 жасқа толмаған балаларына, майып ҳәм бағыўшысын жоғалтқанлық пенсиясы ямаса напақасын алыўшы шаңарақлардың 16 жасқа толмаған жәми 845 мыңнан аслам балаларының ҳәр бирине 500 мың сумнан жәми 422 миллиард сум бир мәртелик жәрдем төлемлери әмелге асырылған.

Және бир тәрепи. Социаллық ҳәм инфраструктуралық объектлерди қурыў, реконструкциялаў ҳәм капитал оңлаў ушын 2 триллион 824 миллиард сум қаржы, халықты социаллық қоллап-қуўатлаў ушын 1 триллион 211 миллиард сум қаржы қаратылған.

Көрип шығылған мәселелер бойынша комитеттиң тийисли қарары қабыл етилди.

 

Нурилло НАСРИЕВ,

ӨзАның хабаршысы