Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 17-ноябрь күни суд қарарлары орынланыўын тәмийинлеў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилиси алдында  мәмлекетимизде коронавирус пандемиясы менен байланыслы жағдай талланды.

Соның ишинде, өткен 8 ай ишинде COVID-19ға қарсы гүресиўде жетерли тәжирийбе топланғанлығы, медицина хызметкерлери де зәрүр тәжирийбеге ийе болғанлығы атап өтилди.

Бизге белгили, «кеселлик шынжырын»  ҳәртәреплеме қадағалаған ҳалда карантин талаплары басқышпа-басқыш жеңиллетилди. Бирақ дүнья мәмлекетлериндеги, қоңсы мәмлекетлердеги жағдайды инабатқа алып, Өзбекстанда бул кеселликке қарсы гүресиўди бир минутқа да тоқтатып болмайтуғынлығы, себеби қәўип-қәтер еле өтип кетпегенлиги атап өтилди.

Мәмлекетимизде бул вирус пенен кеселленгенлердиң саны 70 мыңнан артқаны, саўалғанлардың саны дерлик  68 мың (96 процент), өлимшилик көрсеткиши 599 ды (0,9 процент) қурап атырғанлығын атап өтти.

Ҳәкимлер, секторлардың басшылары ҳәм денсаўлықты сақлаў системасы жуўапкерлерине бир қатар ўазыйпалар жүкленди.

Бәринен бурын, коронавирус пенен байланыслы жағдай турақлы түрде әҳмийетли талланыўы, керекли жуўмақлар шығарылыўы лазым. Атап айтқанда, ҳәптеде кеминде еки күн аймақтағы пандемияға байланыслы жағдай менен айрықша  шуғылланып, штаб мәжилиси өткерилетуғынлығы, турақлы түрде Республикалық арнаўлы комиссиясына жеке есабат берилетуғынлығы белгиленди.

– Және бир  мәрте атап өтемен, бул кеселлик бийпәрўалықты улыўма кеширмейди. Соның менен бирге, биз коронавирус ўақтында топланған үлкен тәжирийбемиз  ҳәм алған терең жуўмақларымыз тийкарында мүнәсип жасаў ҳәм ислеўди  даўам етиўимиз керек, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бүгинги күнде  Өзбекстан  бойынша  89 мәкемеде 17 мың 500 орын COVID-19 бенен кеселленгенлер ушын ажыратылған. Ҳәзир бул орынларда  6 мың  570 наўқас емленбекте. Койкалардың бәнтлиги Қарақалпақстанда 16 процент, Хорезмде  10 процент, Қашқадәрьяда 11 процент, Наманганда 19 процентти, республика бойынша болса  38 процентти қурамақта. Сонлықтан үлкен  қаржылар бийкарға жумсалып атырғанлығы атап өтилди.

Усы мүнәсибет пенен, жуўапкерлерге коронавирусқа қәнигелестирилген емлеўханалардың жумысын терең үйренип, оларды оптимизациялаў тапсырмасы берилди.

Бизге белгили, тәлим-тәрбия системасын түп-тийкарынан жетилистириў және денсаўлықты сақлаў тараўын раўажландырыў бағдарында бир қатар пәрман ҳәм қарарлар қабыл етилди, бул еки мәселеде жақында айрықша видеоселектор мәжилислери өткерилди.

– Мени усы пәрман ҳәм қарарлардың орынлардағы орынланыўы, бул бағдарда ҳәкимлер қандай жумыс шөлкемлестирип атырғанлығы тәшўишке салып атыр. Бүгин ҳәкимлер заманагөй пикирлейтуғын ҳәм пидайы, жанкүйер халық билимлендириўи ҳәм денсаўлықты сақлаў басқармаларының баслықларын өз жанына алып жумыс ислемейди екен, әмелий нәтийжеге ерисе алмайды, – деп атап өтти Президент Шавкат Мирзиёев.

Соннан келип шығып, Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери усы бағдарлардағы реформаларды әмелге асырыўда  төменги  буўын басшыларына жеке өрнек көрсетип, ҳәптеде еки мәрте мектеплер ҳәм медицина мәкемелери бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўы менен шуғылланыўы керек екенлиги атап өтилди.

ӨзА