Партияның шөлкемлестирилгенине 17 жыл толыўы мүнәсибети менен «ӨзЛиДеП – 17 жаста: 17 мың шаңараққа сақаўат ҳәм жәрдем» жойбары жәрияланған еди. Жойбарда «Темир дәптер», «Жаслар дәптери» ҳәм «Ҳаял-қызлар дәптери»не кирген материаллық жәрдемге мүтәж 17 мың шаңарақтың жағдайынан хабар алыў, оларға жәрдем көрсетиў белгиленген.

Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиниң депутатлары «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынында жасап атырған кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж шаңарақлардың жағдайынан хабар алды.

 

– Жығылғанда сүйеў, жәрдемге мүтәж инсанлардың жағдайынан хабар алыў халқымызға тән болған жақсы пазыйлетлердиң бири. Халқымыз социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақларға жәрдем көрсетиўди инсаныйлық пазыйлет, деп биледи,-дейди Халық депутатлары Кегейли районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының баслығы Б.Искендеров. – Бүгин де «Мәденият» мәкан пуқаралар жыйынында жасап атырған кем тәмийинленген шаңарақларға 12 түрдеги азық-аўқатлық өнимлер жеткерип берилди.

Жойбар шеңбериндеги қайыр-сақаўатлық жумыслары усы жылдың ноябрь айының ақырына шекем даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги