Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 25-июль күнги «Коронавирус пандемиясын жумсартыў, халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығын ҳәм саламатлығын сақлаў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, Өзбекстан Республикасы Санитариялық-эпидемилогиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы хызмети жумысларын шөлкемлестириў ҳаққында Президент қарары қабыл етилди. Қарарға муўапық, оның аймақлық мәкемелери ҳәм район (қала)лық бөлимлери шөлкемлестирилди.

Усы ҳәптеден баслап, жаңадан шөлкемлестирилген, Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық ҳәм жәмийет саламатлығы басқармасы да өз жумысын баслады.

– Халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы тараўында жергиликли басшы уйымлар, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң жумысларын нәтийжели муўапықластырыў ҳәм олар менен бирге ислесиўди тәмийинлеў басқарманың тийкарғы ўазыйпалары есапланады,-дейди басқарма баслығы Баҳадыр Қутлымуратов.

Сондай-ақ, юридикалық ҳәм физикалық тәреплерден әмелдеги санитариялық қағыйдаларға, нормаларға ҳәм гигиена нормативлерине әмел етилиўи бойынша белгиленген тәртипте тексериўлер өткериў ҳәм санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы тараўында нызам бузылыўлар бойынша белгиленген тәртипте ҳәкимшилик жуўапкершилик шараларын қолланыў, азық-аўқат, шийки зат ҳәм тутыныў өнимлерин ислеп шығарыў, тасыў, сақлаў ҳәм сатыў менен шуғылланатуғын объектлердиң жумысларында тийкарланған норма ҳәм стандартлар талапларына әмел етилиўи үстинен тастыйықланған методологиялар тийкарында қадағалаўды әмелге асырады ҳәм муўапықластырып барады.

Хызмет көрсетиў ҳәм өним ислеп шығарыў қәўипсизлигине қойылатуғын тараўға байланыслы мәжбүрий талаплар бойынша арнаўлы экспертизалар өткереди. Жуқпалы, паразитар, сондай-ақ, жуқпалы болмаған кеселликлердиң келип шығыўы ҳәм тарқалыўының алдын алыўға каратылған санитариялық-гигиеналық илажларды шөлкемлестирип, әмелге асырады. Санитариялық-гигиеналық, радиациялық ҳәм физикалық факторлар, бактериология, вирусология, паразиталогия ҳәм де жүдә қәўипли кеселликлер лабораторияларының жумысларын жолға қояды.

Инсан саламатлығына тәсир етиўши қәўипли факторлар бойынша системалы мониторинглерди шөлкемлестирип, әмелге асырады ҳәм анализ етип, тийисли есабатларды жүргизеди. Жуқпалы ҳәм паразитар кеселликлердиң пайда болыўы ҳәм тарқалаўының алдын алыўға қаратылған ошақлы дезинфекция, дезинсекция, дератизация илажлары өткерилиўин шөлкемлестиреди ҳәм басқа да тараўға байланыслы ўазыйпалар белгиленген.

Санитариялық-эпидемиологиялық хызмети шөлкемлестирилип атырғанлығы мүнәсибети менен Денсаўлықты сақлаў министрлиги жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы, Министрлер Кабинети жанындағы Санитариялық-эпидемиологиялық қадағалаў мәмлекетлик инспекциясы ҳәм олардың аймақлық бөлимлериниң жумыслары тоқтатылды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги