Усы жыл 17-ноябрь күни Өзбекстан Саўда-санаат палатасы Қарақалпақстан Республикалық басқармасында аўыл хожалығы техникалары ҳәм технологияларының агросаноат комплекслери ушын қәнигелестирилген «Нөкис-Агроминитех-2020» көргизбесиниң ашылыў мәресими өткерилди.  Көргизбеге Ташкент қаласынан ҳәм ўәлаятлардан, республикамыздың район (қала)ларынан келген бир қатар исбилерменлик субъектлери өз өнимлери ҳәм хызметлериниң презентациялары менен қатнасты.

Көргизбениң ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы  Министрлер Кеңеси Баслығының орынбасары Б.Ҳабибуллаев, «Ўздавкарантин» инспекциясының Экспортқа көмеклесиў бөлиминиң баслығы М.Гаппаровлар шығып сөйлеп, елимизде киши бизнес ҳəм жеке исбилерменликти раўажландырыў бойынша басқышпа-басқыш бир қатар реформалардың әмелге асырылып, Өзбекстан Республикасының барлық аймақларында экономикалық раўажланыўлар болып атырғанлығын атап өтти ҳәм қатнасыўшыларға пайдалы келисимлер дүзиўде табыслар тиледи.

Бүгинги күнде республикамызда исбилерменлик субъектлериниң саны 3560қа жетти. Өз гезегинде исбилерменлик пенен шуғылланыўшы жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың саны артып бармақта.

Атап өтилгениндей, дүнья тәжирийбесинде экономиканың тийкарғы тараўы болған киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик ишки базарларды керекли өнимлер ҳәм хызметлер менен толтырыўдың тийкарғы дәреги болып хызмет етпекте.

Әсиресе, киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик тараўы экономиканы диверсификациялаў ҳәм турақлы раўажланыўын тәмийинлеўде әҳмийетли орын тутады. Олар дүзилиси бойынша ықшам, ҳәрекетшең, кабыл етилген қарарларды тез өзлестириў, жаңалықларды тез енгизиў, дүнья базарларындағы талап ҳәм конъюнктура өзгерислерине тез бейимлесиў имканиятына ийе. Сондай-ақ, киши бизнести шөлкемлестириў ҳәм жүргизиў көп қәрежет ҳәм капиталды талап етпейди. Бул өз гезегинде, өндиристи тез модернизациялаў, техникалық ҳәм технологиялық жақтан үскенелеў, жаңа түрдеги өнимлерди тез өзлестириў, өнимлер номенклатурасын турақлы жаңалап барыў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын тәмийинлеў мүмкиншилигин береди.

Киши бизнес тек ғана дәраматлар дәреги болып қалмастан, ол мәмлекетимиздеги ҳәр бир инсанның өнерин, интеллектуаллық шеберлигин жүзеге шығарыўда, алдына қойған мақсетлерин әмелге асырыўда кең имканиятлар ҳәм жаратылған шараятлар есигин ашады. Булардың барлығы өз гезегинде ҳәр қандай демократиялық жәмийеттиң тийкары болған халықтың орта қатламының раўажланыўына алып келеди. Бул болса мәмлекетимиз сиясатының баслы мақсети болып табылады.

Киши бизнес ҳәм жеке исбилерменлик, өзиниң экономикамыздағы салмақлы үлеси, роли ҳәм тәсири, әпиўайы етип айтқанда басқа ҳеш бир тараў оның орнын баса алмайтуғын әҳмийети менен мәмлекетимиз раўажланыўында айрықша орын ийелейди.

Аўыл хожалығы техникасы ҳәм технологияларының агросаноат комплекслери ушын қәнигелестирилген «Нөкис Агроминитех» көргизбеси усы жылдың 27-ноябрине шекем даўам етеди.

Көргизбе даўамында Ташкент қаласынан ҳәм ўәлаятлардан, республикамыздың район (қала)ларынан келген исбилерменлер ҳәм басқа да санаат тараўында енди жумысларын басламақшы болған исбилерменлер арасында өз-ара пайдалы шәртнамалардың дүзилиўи, көргизбе қатнасыўшыларына арнаўлы сертификатлар берилиўи күтилмекте.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги