Төрткүл районлық әдиллик бөлими тәрепинен социаллық тармақларда тарқалған жағдайға анықлық киргизиў мақсетинде районлық медициналық бирлеспеси 2-санлы көп тармақлы поликлиникасында үйрениў жумыслары алып барылды. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги мәлимлеме хызмети хабар берди.

 

Үйрениў даўамында бөлим баслығы Е.Б. жумыс процесинде өзине тийисли, мәмлекетлик белгиси 95 N 944 HA болған «Nexia-3» маркалы автомашинасын усы поликлиникада тазалаўшы хызметкер болып ислейтуғын К.Г.ға тазалатқанлығы тастыйықланды.

 

Бул жағдай бойынша Е.Б. өзиниң усы ҳәрекетлери менен Өзбекстан Республикасы Мийнет кодексиниң 177-статьясы екинши бөлиминдеги талапларды бузғаны себепли Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодекстиң 49-статьясына муўапық районлық Мәмлекетлик мийнет ҳуқықы инспекторы тәрепинен базалық есаплаў муғдарының 5 есеси муғдарында жәриймаға тартылды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.