Тийкарғы жумыс орнымнан тысқары қосымша басқа жерде де ислеймен. Мийнет дәптершесине қосымша жумысым ҳаққындағы мағлыўматларды киргизсе бола ма?  Бул сораўға Әдиллик министрлиги Мәлимлеме хызмети басшысы Севара Ўринбоева жуўап берди, деп хабар береди xs.uz.

«Мийнет дәптершелерин жүргизиў тәртиби ҳаққында»ғы инструкцияның 1.6-бәнтине тийкарланып, қосымша жумыс ислеп атырғанлардың мийнет дәптершеси тийкарғы жумыс орынларында сақланады.

Мийнет кодексиниң 81-статьясындағы төмендегиге бола хызметкердиң өтинишине бола мийнет дәптершесине қосымша жумыс ислеген ҳәм ўақтынша басқа жумысқа өткерилген дәўирлер ҳаққындағы жазыўлар киргизиледи» , деди Ўринбоева.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги