Нөкисли пуқара «UzAuto Motors» АЖ тәрепинен жәрияланған акция шеңберинде «Auto-Centre-Qoraqalpoq» ЖШЖдан 95 768 000 сумға шәртнама тийкарында «Cobalt» автомобилин сатып алған. Жәрияланған акция шеңберинде, автомобильди сентябрь айында сатып алғаны ушын пуқараға 5 100 000 сум қайтарып берилиўи керек еди.

 

Тилекке қарсы, автомобильди сатып алғанына еки ай ўақыт өтиўине қарамастан жәмийет тәрепинен шәртнама шәртлери орынланбастан, қарыйдарға акция пулы қайтарып берилмеген.

 

Пуқара усы жылдың 4-ноябрь күни ҚР Монополияға қарсы гүресиў комитетине мүрәжат еткен.

 

Комитет баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, комитет тәрепинен «Auto-Centre-Qoraqalpoq» ЖШЖға тутыныўшының мүрәжаты бойынша тийисли сораў хатлары жиберилип, Өзбекстан Республикасы «Тутыныўшылар ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы нызамының мазмуны түсиндирилди.

 

Комитет тәрепинен нызам шеңберинде әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде тутыныўшының ҳуқықы тикленип, жәмийет тәрепинен 5 100 000 сум акция пулы тутыныўшының пластик картасына қайта есаланып, қайтарып берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.