Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасында Бюджет ҳәм экономикалық реформалар бойынша комитеттиң кеңейтилген мәжилиси болып өтти.Мәжилисте мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2020-жыл 9 айы жуўмақларының орынланыўы ҳаққындағы есабат және «Өзбекстан Республикасының 2021-жыл ушын мәмлекетлик бюджет ҳаққында»ғы нызам жойбарының дәслепки додалаўы болды.

Қаржы министрлигиниң жуўапкерлери тәрепинен мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўы парламентте додаланыўы үлкен социаллық әҳмийетке ийе екенлиги, бул процессте бюджет қаржылары министрликлер ҳәм уйымларда және аймақларда қалай сарыпланып атырғанын таллаў ҳәм кемшиликлерден келип шығып, оларды тәкирарламаў илажларын көриў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Депутатлар Министрлер Кабинетиниң мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң 2020-жыл 9 айы жуўмақларының орынланыўы, жергиликли бюджетлер ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорларының орынланыўы, мәмлекетлик қаржы қадағалаўы нәтийжелери және басқа зәрүр тийисли мағлыўматлар усынылғанын мақуллады.

Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўы ҳаққындағы есабатларды Нызамшылық палатасының фракциялары ҳәм комитетлеринде көрип шығыў және додалаў процесинде депутатлар тәрепинен билдирилген пикир-усыныслар усы есабатта инабатқа алынған, сондай-ақ, есабатлардағы санларды тийкарлап бериў бойынша қосымша мағлыўматлар усынылған. Соның ишинде, бюджеттиң қәрежетлер системасы, сондай-ақ, бюджеттен ажыратылған қаржылардың нызамсыз жумсалыў жағдайлары ҳаққындағы мағлыўматлар, бюджетке ийек артыў қарыздарлықлар ҳәм артықша төлемлер ҳаққындағы есабатлар бар.

Мәжилисте депутатлар халықаралық әмелияттан келип шыққан ҳалда, мәмлекетлик бюджетти қәлиплестириўде нәтийжеге бағдарланған системаға өтиўди жеделлестириў мәселесине айрықша итибар қаратты.

Комитет мәжилисинде нызам жойбарының халықаралық стандартларға муўапық болыўы ҳәм бюджет мағлыўматларының ашық-айдынлығын және де арттырыў, бюджет қаржыларының қәлиплесиўи, сарыпланыўы үстинен парламентлик ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде өз алдына жумысшы топарлар дүзилди және ғалаба хабар қуралларында кеңнен жарытыў бойынша комитеттиң медиа-режеси тастыйықланды.

 

ӨзА