Президент Шавкат Мирзиёев 16-ноябрь күни геология тараўын модернизациялаў, инвестицияларды тартыў және геологиялық-излеў жумысларын кеңейтиў мәселелери бойынша мәжилис өткерди.

Соңғы үш жылда усы тараўға үлкен қаржы ажыратылып, технологияларды жаңалаў, илимди тиклеў ҳәм кадрлар таярлаў бойынша кең қамтыўлы жумыслар алып барылмақта. Заманагөй техникалардың қолланылып атырғаны нәтийжесинде бурғылаўдың анықлығы ҳәм өнимдарлығы асты. Жер асты байлықларының запасы да, болжаў ресурслары да көбейди.

Мәжилисте бул бағдардағы жумысларды избе-из даўам еттирип, тараўдың инвестициялық тартымлылығын арттырыў, мәмлекетлик кәрханаларды реформалаў бойынша кейинги дәўирдеги тийкарғы ўазыйпалар додаланды.

Мәмлекетимиз басшысы геологиялық-излеў жумысларын арттырыў есабынан 2021-2022-жыллары минерал шийки зат базасын кескин кеңейтиў зәрүрлигин атап өтти.

Тараўға сырт ел инвесторларын тартыў ушын геологиялық-излеў жумысларын шөлкемлестириўге болған қатнасты да өзгертиў керек. Сол мақсетте перспективалы майданларды қәлиплестириў, оларды сырт ел инвесторларына бериў, геологиялық излеў өткериў ҳәм салыққа тартыў системаларын халықаралық тәжирийбе тийкарында жетилистириў бойынша тапсырмалар берилди.

31 стратегиялық пайдалы қазылма майдан ҳәм кәнлер жайластырылған онлайн аукционға сырт ел инвесторларын кеңнен тартыў зәрүр екенлиги айтып өтилди.

– Геология тараўында 50 процент ўақыт инвестиция менен шуғылланыўға жумсалыўы керек. Инвестиция келмесе, геологияда жағдай өзгермейди. Узақ жыллық мақсетсиз режелер емес, қысқа мүддетли ҳәм нәтийжели режелер керек,-деди Шавкат Мирзиёев.

Жетекши аудиторлық ҳәм консалтинг компаниялары менен биргеликте тараўдағы мәмлекетлик кәрханаларды трансформациялаў бойынша «жол карталары»н ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды.

Тараў ушын маман кадрларды таярлаў, илимди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. «ӨзгеореңметЛИТИ» институтына алдыңғы тәжирийбеге ийе сырт ел компаниясының тартылатуғыны белгиленди.

Мәжилисте жуўапкерлер 2021-2022-жыллары әмелге асырылатуғын илажлар бойынша мәлимлеме берди.

 

ӨзА