Ҳәзирги ўақытта физикалық ҳәм юридикалық тәреплер үйинде ямаса жумыс орнында отырып автотранспорт қураллары, соның ишинде, қамсызландырыў полиси, қамсызландырыў ҳәдийсеси (жол-транспорт ҳәдийсеси) және жол ҳәрекети қағыйдаларын бузғаны ушын жәриймалар ҳаққындағы мағлыўматларды алыў имканиятына ийе.

 

Буның ушын my.gov.uz порталындағы «Автотранспорт қураллары ҳаққында мағлыўмат» хызметинен пайдаланыў керек. Тийисли мәлимлемелерди алыў менен бирге «Жәриймалар ҳаққында мағлыўмат» бөлимине жазылсаңыз, барлық мағлыўматлардан автоматластырылған түрде ҳәм бийпул хабардар болыўыңыз және төлемлерди электрон тәризде әмелге асырыўыңыз мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.