2020-2021-оқыў жылынан баслап колледжлер ҳәм техникумларда таярлық бағдарлары кесиминде төлемли контракт тийкарында бир оқыўшыны оқытыў баҳасы мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарына муўапық белгиленди.

 

Оған муўапық:

 

– Денсаўлықты сақлаў, Педагогика, Бизнес ҳәм басқарыў, Көркем өнер, Социаллық тәмийнат, Хызмет көрсетиў, Журналистика ҳәм социаллық мәлимлеме бағдарлары бойынша – 4 211 846 сум (мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 6,2 есесинде);

 

– Тәбийғый пәнлер, Транспорт, Инженерлик жумысы, Байланыс ҳәм мәлимлемелестириў, телекоммуникациялық технологиялар, Компьютер технологиялары ҳәм информатика, Гуманитар пәнлер (телевидение бағдары) бағдарлары бойынша – 4 075 980 сум (мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 6,0 есесинде);

 

– Аўыл хожалығы ирригациясы ҳәм мелиорациясы, Аўыл, тоғай ҳәм балық хожалығы, Ислеп шығарыў ҳәм қайта ислеў тармақлары, Архитектура ҳәм қурылыс, Өмир қәўипсизлиги, Аўыл хожалығы техникасы, Ветеринария, Қоршаған орталықты қорғаў – 3 940 114 сум (мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының 5,8 есесинде).

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.