ӨзР Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов Өзбекстандағы мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлери бойынша оператив мағлыўматты жәриялады.

 

Қарақалпақстан Республикасы бул көрсеткишлер бойынша өткен жылдағыдан 4 орынға төменлеп, 10-орынды бәнт еткен.

Быйыл Қарақалпақстан Республикасындағы мектеплерди 24 884 оқыўшы питкерип шыққан болып, олардан 3 660 оқыўшы (14,7%) жоқары оқыў орынларының студенти болған.

 

Мағлыўмат ушын, 2019-жылда республикамыздағы мектеплерди 14 634 оқыўшы питкерген болса, соннан 1 799 оқыўшы (12,3%) студентлик бахтына ерискен еди.

 

Рейтингниң жоқары орынларында Наўайы ўәлаяты (29,8%), Ташкент қаласы (26,6%) ҳәм Бухара ўәлаяты (21,7%) көрсетилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.