Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги пресс-холында шөлкемлестирилген баспасөз конференциясында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқарма баслығы Абдували Холиқов:

 

– Жоқары оқыў орынлары қайсы курсты қашаннан баслаў кереклиги бойынша толық графигин таярлады. 16-ноябрь күни барлық студентлер ямаса барлық курслар оқыўға шақырылмайды. Буның имканияты жоқ. Курслардың әҳмийетлилик дәрежеси бойынша избе-изликте дәстүрий оқытыўға өтиў жоқары оқыў орынларының өз ўәкиллигинде.

 

Студентлердиң имканиятлары ҳәм жоқары оқыў орынларының имканиятлары биринши гезекте есапқа алыныўы керек. Ҳәр қандай шараятта да ҳәзирги ўақытта студенттиң ямаса жоқары оқыў орны хызметкериниң денсаўлығын ойлаған ҳалда әмелге асырыўымыз керек. Ҳәр бир жоқары оқыў орны усы талапқа әмел еткен ҳалда процессти басламақта.

 

Егер студентлердиң имканиятлары болмаса, өз қәлеўи менен аралықтан оқыўын даўам еттириў имканияты бар, – деп айтып өткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.