Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлиги пресс-холында шөлкемлестирилген баспасөз конференциясында Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги басқарма баслығы Абдували Холиқов «Студентлердиң онлайн ямаса қатнап оқыўын жоқары оқыў орынларының өзлери еркин түрде шеше ала ма?» мазмунындағы сораўларға жуўап берди.

 

– Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги пайтахтта турып барлық жоқары оқыў орынларының имканиятларын анық белгилеп бере алмайды. Жоқары оқыў орынларының имканиятларын өзлериниң басшылары жақсы биледи. Сол себепли бул ўәкиллик ректорларға берилген.

 

Мәселен, Ферғана мәмлекетлик университети 1-4-курсларды дәстүрий (қатнап) оқытып атырған болса, буның өзине сай себеплери бар. Тән алыў керек, ҳәзирги ўақытта көпшилик 1-курс студентлери жоқары оқыў орынларына киргенин сезинип үлгермеди.

 

Мәмлекетлик грант ямаса төлемли контракт тийкарында қабыл етилген, бирақ жоқары оқыў орнының қай жерде жайласқанлығын билмейтуғын студент-жасларымыз бар. Сонлықтан, оларды жоқары билимлендириў системасында оқыў процеси менен таныстырыў ҳәм оларда студентлик сезимлерин оятыў мақсетинде биринши курслар «дәстүрий» оқытылмақта.

 

Питкериўши курслардың да әмелият дәўирине кететуғын ўақты келген, сол себепли питкериўши курсларды шақырыў жоқары оқыў орынлары тәрепинен белгиленген.

 

Бирақ, соны атап өтиў керек, жоқары оқыў орынлары имканияты ҳәм материаллық-техникалық базасынан келип шығып, барлық курсларды гезекпе-гезек, избе-изликте дәстүрий оқытыўды (қатнап оқыўды) жолға қояды.

 

Бунда жоқары оқыў орынларындағы студентлер санын да есапқа алыў керек, айрым жоқары оқыў орынларында 3000 студент болса, айрымларының бир курсында 5000 студент бар. Бундай жағдайларда да курслардың дәстүрий ямаса онлайн оқыўын жоқары оқыў орынларының өзи шешеди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.