Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы «Даўыт ата» постының хызметкерлери тәрепинен республикамыз аймағына қоңсылас мәмлекеттен кирип киятырған «DAF» маркалы автомашинаның басқарыўшысы пуқара И.К. бажыхана тексериўинен өткерилгенде, онда 2 орамда кептирилип майдаланған нәшебетлик заты бар екенлиги анықланды.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2015-жыл 12-ноябрьдеги «Нәшебентлик затлары, психотроп затлар ҳәм прескурсорларды Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириў, оннан алып шығыў ҳәм транзит өткериў тәртибин, сондай-ақ,  олардың айланыста болыўы бойынша қадағалаўды жетилистириў ҳаққында»ғы қарарына муўапық «марихуана» елимизде айланысы қадаған етилген затлар дизимине киргизилген.

Бажыхана уйымлары тәрепинен нәшебентлик затлардың бажыхана шегаралары арқалы нызамсыз алып өтилиўиниң алдын алыў, сондай-ақ, оның республикамыз аймағында айланыста болыўына қарсы системалы гүрес алып барылмақта. Жоқарыдағы жағдай бойынша өткерилген суд-химиялық экспертизаның шешимине муўапық, айғақлы дәлил ретинде алынған өткир ийисли, кептирилип майдаланған актив компонент тетрагидроканнабинол салмағы 8,36 граммға тең «марихуана»екенлиги мәлим болды.

Ҳәзир бул бойынша бажыхана уйымлары тәрепинен тергеўге шекемги тексериў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Майсара ДОСТАНОВА,

ҚМУ журналистика бағдарының студенти