Өзбекстан Республикасы билимлендириў мәкемелерине оқыўға қабыллаў бойынша Мәмлекетлик комиссиясы мәжилисиниң 7-санлы протоколы қарарына муўапық, жоқары мағлыўматлы медицина хызметкерлерине болған үлкен зәрүрликти есапқа алып, 2020-2021-оқыў жылы қабыллаўында Қарақалпақстан медициналық институты бакалавриатына белгиленген мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў көрсеткишлерине қосымша тәризде Бозатаў районы ушын мәмлекетлик грант тийкарында мақсетли 20 орын ажыратылды.

 

Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.М.Мирзиёевтиң басшылығында 2020-жылдың 6-ноябрь күни медицина тараўын раўажландырыў бойынша өткерилген мәжилисте тапсырмалар берилген еди.

 

Бунда Мәмлекетлик тест орайы бир күн мүддетте:

 

– Қарақалпақстан Республикасының Бозатаў районында турақлы жасап атырған (турақлы пропискада болған), Қарақалпақстан медициналық институтының бакалавриат билимлендириў бағдарларына дизимнен өтиў даўамында биринши жоқары оқыў орны сыпатында сайлап, тест сынақлары нәтийжелерине муўапық студентликке усыныс етилмеген, бирақ топлаған баллары 56,7 балл ҳәм оннан жоқары болған абитуриентлердиң дизимин топланған баллар избе-излигине қатаң әмел еткен ҳалда қәлиплестиреди.

 

Еки күн мүддетте:

 

– тийисли бакалавриат билимлендириў бағдарлары кесиминде тест сынақлары нәтийжелери бетлерин қағазға шығарған ҳалда белгиленген тәртипте рәсмийлестириў ушын Қарақалпақстан медициналық институтына жеткереди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.