Ташкент қаласында Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының VIII қурылтайы болып өтти.

Қурылтайды Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы Қудратилла Рафиқов басқарды.

Қуралтай жумысында кәсиплик аўқамларының жәмийетлик бирге ислесиўшилери болған министрликлер ҳәм уйымлардың жуўапкерлери, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң баслықлары, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимлери, кәсиплик аўқам тараўының жуўапкерлери делегат сыпатында қатнасты. Сондай-ақ, узақ жыллар өзиниң нәтийжели, ҳадал мийнети менен мәмлекетлик ҳәм кәсиплик аўқамларының раўажланыўына үлкен үлес қосқан тараў ветиранлары да бул илажға мирәт етилди.

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы VIII қурылтайы қатнасыўшыларына қутлықлаўын Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов оқып еситтирди.

Ғәрезсиз Өзбекстан тарийхында мәмлекет басшысы тәрепинен кәсиплик аўқамлары қурылтайының қатнасыўшыларына биринши мәрте жоллаған усы қутлықлаўында Өзбекстан кәсиплик аўқамларының елимиздиң социаллық турмысындағы үлкен орны ҳәм әҳмийетин итибарға алып, республикамызда 11-ноябрь сәнесин кәсиплик аўқамлары күни деп белгилеў, сондай-ақ, тараў ушын заманагөй билим ҳәм маманлыққа ийе болған, социаллық қатнасықлар теориясы ҳәм әмелиятын, бул бағдардағы халықаралық тәжирийбени пухта билетуғын жетик кадрларды таярлаў мақсетинде Кәсиплик аўқамлары академиясын шөлкемлестириў усыныслары билдирилди.

Мәмлекетимиз басшысының қутлықлаўы тараўға байланыслы жаңадан-жаңа ўазыйпаларды белгилеп алыўдағы әҳмийетли бағдар сыпатында қурылтай қатнасыўшыларында айрықша тәсир қалдырды.

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы Қудратилла Рафиқов «Жаңа Өзбекстан – жаңа кәсиплик аўқамлар: Федерацияның 2016-2020-жыллардағы жумысы ҳәм миллий раўажланыўдың заманагөй басқышында кәсиплик аўқамларының тийкарғы ўазыйпалары ҳаққында» баянат жасады.

Баянатта кейинги 4 жылда мәмлекетимиз басшысы тәрепинен барлық тараўларда алып барылып атырған тийкарғы реформалар, инсан мәплерин тәмийинлеў бағдарындағы ҳәрекетлер менен басламалар негизинде халқымыздың турмыс дәрежесин арттырыў, адамлардың ертең емес, бүгин жақсы жасаўын ҳәм абаданлығын тәмийинлеў сыяқлы ийгиликли мақсетлер жәмленгени айрықша атап өтилди. Жәмийет турмысында жүз берип атырған унамлы өзгерислер ўатанласларымыздың да сана-сезиминде өзгерислер жасап атырғаны, олардың ертеңги күнге исеними ҳәм турмыстан разылығы күн сайын артып атырғаны айрықша атап өтилди. Бул бағдарда елимизде ерисилип атырған табыслар ҳәм нәтийжелер дүнья жәмийетшилиги тәрепинен де кеңнен тән алынбақта.

– 11-ноябрь – Өзбекстан кәсиплик аўқамлары турмысында умытылмас ўақыя болды, десек ҳақыйқатты айтқан боламыз, – деди Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы Қудратилла Рафиқов. – Журтбасшымыздың қызғын ҳәм жыллы, ҳәр бир кәсиплик аўқам ағзасын Ўатанның, елдиң раўажланыўы ушын хызмет етиўге шақыратуғын сөзлери барлығымыздың қәлбимизге мөрленди, десем дурыс болады. 11-ноябрьди «Кәсиплик аўқамлары күни» етип белгилеў усыныс етилгени болса бес ярым  миллионнан аслам кәсиплик аўқам ағзаларының ҳәр бири ушын умытылмас ўақыя болып есапланады.

Ҳақыйқатында да, қурылтайда атап өтилгениндей, елимизде алып барылып атырған күшли социаллық қорғаў сиясаты және инсан ҳуқықлары менен мәплерин тәмийинлеўге байланыслы системалы ҳәрекетлерге үнлес түрде Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен болып  есап бериў дәўиринде салмақлы жумыслар әмелге асырылды. Бул болса Жаңа Өзбекстанның жаңа кәсиплик аўқамлары қәлиплести, деп айтыўға толық тийкар бола алады.

Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен 2019-жыл 6-декабрьде «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы нызамға қол қойылыўы тараўдағы үлкен ўақыя болды. Бул ҳүжжет Халықаралық мийнет шөлкеми тәрепинен жоқары баҳаланды. Сондай-ақ, Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы қатнасыўында Халықаралық мийнет шөлкеминиң 4 конвенциясы, 1 протоколы ратификацияланды. Социаллық-экономикалық мәселелер бойынша 2020-2022-жыллар ушын Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинети, Кәсиплик аўқамлары федерациясы, Жумыс бериўшилер конфедерациясы арасында бас келисимге қол қойылды ҳәм күшке кирди. 2016-2020-жыллары Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен 2000 нан аслам нормативлик-ҳуқықый ҳүжжет жойбарына усыныс берилди. Соның ишинде, Кәсиплик аўқамлары федерациясының тиккелей қатнасыўында биринши мәрте мийнет ҳақы ушын регионаллық ҳәм тармақ коэффицентлери, сондай-ақ, климат ҳәм жасаў шараятлары аўыр ҳәм қолайсыз болған аймақларда ислеў ушын хызметкерлерге қосымша дем алыстың минимал даўамлылығы тастыйықланды, балалар мийнети ҳәм мәжбүрий мийнет сапластырылды. Есап бериў дәўиринде қабыл етилген «Кәсиплик аўқамлары ҳаққында»ғы нызам тийкарында кәсиплик аўқам инспекцияларын қайта тиклеўге ерисилди. Бүгинги күнде кәсиплик аўқам инспекциялары жәмийетлик қадағалаўдың нәтийжели қуралы сыпатында жумысшылардың мүрәжатлерин үйрениў ҳәм оператив көрип шығыў бойынша системалы жумыс алып бармақта.

2016-2020-жыллары әмелдеги тармақ келисимлериниң саны 95 тен 107 ге өсти. Тариф келисимлеринде тармақ бойынша ең кем ҳәм орташа мийнет ҳақы, үстемелер, компенсация түриндеги ҳәм хошаметлеўши  төлемлердиң түрлери және олардың ең аз муғдары, тармақ тариф сеткалары, жыллық тийкарғы ҳәм қосымша дем алыстың ең аз мүддети сыяқлы көрсеткишлер белгилеп қойылды. Кәсиплик аўқамларының ҳәрекетлери менен келисимлерде социаллық кепилликлер, денсаўлықты қорғаў, хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын, соның ишинде, балаларды саламатландырыў мәселелери өз сәўлелениўин тапты. Айырым тармақларда үш жасқа толмаған перзенти бар ҳаяллар ушын қысқартылған ( бир ҳәптеде 36 сааттан аспайтуғын) жумыс ўақты белгиленди. Әмелдеги тармақ келисимлериниң 78 инде қосымша дем алыслар орнатыўға ерисилди. Нәтийжеде бир қатар тармақларда келисимлер қуралында тийкарғы создырылған дем алыс мүддети 18 жумыс күнинен 24 жумыс күнине шекем создырылды. Тармақ келисимлерине өндирис нәтийжелери бойынша хошаметлеў, жумыстағы жетискенликлер ушын үстеме ҳәм қосымша ҳақы, қолайсыз климат шараятлары ушын район коэффицентлерин төлеў, айдаўшыларға класына муўапық қосымша ҳақы төлеў сыяқлы илажларға қатаң итибар қаратылды.

Есап бериў дәўиринде кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелер көлеминде социаллық шерикликти беккемлеў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылды. Жәмийетлик шәртнамаларды дүзген юридикалық тәреплердиң үлеси 2016-жылдағы 95,1 проценттен 2020-жылға келип 99,6 процентке шекем көтерилди. Хызметкерлердиң дәраматларын арттырыўда жәмийетлик шәртнамалардың әҳмийетин күшейтиў илажлары нәтийжесинде бир қатар тармақларда хызметкерлердиң мийнет ҳақысы арттырылған базалық ставкалар бойынша төлениўине ерисилди. Ендигиден былай жәмийетлик шәртнамалар арқалы елимиз бойынша ислеп атырған кәсиплик аўқам ағзаларының 55 проценти тийкарынан создырылған, 51 проценти болса қосымша дем алыслардан пайдаланбақта. Жәмийетлик шәртнама илажларын орынлаў ушын республика бойынша орта есапта бир хызметкерге жыл даўамында жумсалған қаржы муғдары 2016-жылдағы 1 миллион 539 мың сумнан 2019-жыл жуўмағына келип 5 миллион 100 мың сумға жетти. Әмелдеги жәмийетлик шәртнамалардың 98 проценттен артығына жумыс бериўшиниң басламасына бола хызметкер менен мийнет шәртманасын бийкар етиўден алдын кәсиплик аўқам комитетиниң келисимин әлбетте алыў кереклиги ҳаққында бәнт киргизилди.

Барлық жәмийетлик келисимлер ҳәм шәртнамаларында мийнетти қорғаў, жумыс ўақты, дем алыслар ҳәм басқа да мийнет шәртлери тараўында ҳаяллар, жаслар, майыплығы бар пуқаралар, он сегиз жасқа  толмаған пуқаралар, билимлендириў мәкемелеринде өндиристен ажыралмаған ҳалда оқып атырған хызметкерлер ушын қосымша жеңилликлер белгилениўине ерисилди. Соның ишинде, көп балалы ҳаялларға қысқартылған жумыс ўақтын орнатыў, ҳақы төленетуғын ҳәмиледарлық ҳәм туўыў дем алыс күнлерин создырыў, 2 жасқа шекемги бала тәрбиясы менен бәнт ҳаялларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў, 18 жасқа толмаған хызметкерлерге, сондай-ақ, жумысты билимлендириў менен қосып алып барып атырған хызметкерлерге жеңилликлер орнатыў, жоқары оқыў орынларында оқыў ушын контракт пулларының бир бөлегин төлеп бериў , пенсионерлерге коммуналлық хызметлерге ҳақы төлеў ушын материаллық жәрдем көрсетиў, турақ жайларын оңлаў ҳәм медицналық хызмет көрсетиў, майыпларды, Чернобыл АЭСтағы апатшалықты сапластырыў қатнасыўшыларын, интернациональ жаўынгерлерди жеңиллетилген саламатландырыў сыяқлы көплеген социаллық қорғаў илажлары көрилди.

Кәсиплик аўқамларының социаллық-экономикалық раўажланыў бағдарламаларын әмелге асырыў, гуманитарлық машқалаларды шешиў, елимиз халқының ҳәр қыйлы қатламларының социаллық мәплерин қорғаў, бәнтлигин тәмийинлеўде мәмлекетлик уйымлар менен социаллық шериклиги және де жеделлести.

Кәсиплик аўқамлары федерациясының тармақ бағдарламаларына муўапық, жәмийетлик шәртнамалар ҳәм келисимлер арқалы жәрдемге мүтәж шаңарақ ўәкиллери, жас шаңарақлар, ҳаяллар, пенсионерлердиң социаллық-экономикалық қорғалыўын тәмийинлеў, оларды материаллық жақтан қоллап-қуўатлаў ҳәм системалы саламатландырылыўын шөлкемлестириў жумысларына кәсиплик аўқамлары, жумыс бериўшилер ҳәм басқа да дәреклер есабынан жәми 1 триллион 419 миллион сумнан артық қаржы қаратылды. Тиккелей шаңарақлар менен сөйлесиў тийкарында олардың машқалаларын анықлаў, хожаклықлардағы социаллық-руўхый орталықты саламатландырыў, кәмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша системалы жумыслар жолға қойылды. Атап айтқанда, 2017-жылы жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликте Қарақалпақстан Республикасы, Бухара, Жиззақ, Наўайы, Самарқанд, Сырдәрья ҳәм Хорезм ўәлаятларындағы 2 миллион 160 мыңнан аслам хожалыққа барылып, оларда 650 мыңға шамалас машқала бар екенлиги анықланды, дерлик 556,5 мыңының шешими бойынша илажлар ислеп шығылып, әмелге асырылды.

Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы жуўапкершилигинде бир  қатар мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлердиң ўәкиллеринен ибарат жәмийетлик комиссия тәрепинен Ташкент қаласының 11 районында үйме-үй жүрилип, халықтың машқалалары, мәҳәллелердиң социаллық жағдайы толық үйренилди. Нәтийжелер бойынша мәҳәллелердиң ҳәр биринде халық пенен ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерилип, коммуналлық хызметлер, социаллық, жол-транспорт тараўларындағы машқалалары сол жерде шешилди. Республика, қала, ҳәм район көлеминде шешилиўи зәрүр болған машқалаларды сапластырыў бойынша «Жол карталары» ислеп шығылып, орынланыўы тәмийинленди.

2020-жылдың басында Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы басшылығында ҳаял-қызлардың машқалалары бойынша дүзилген Республикалық жумысшы топар Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятлар және Ташкент қаласында үйме-үй жүрип, мәҳәллелердеги жағдайды терең таллады. Қыйын жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлар менен ушырасып, олардың машқалалары ҳәм дәртлери үйренилди. Үйрениў жуўмақлары бойынша барлық аймақлардың район ҳәм қалалары бойынша ислеп шығылған илажлар бағдарламалары шеңберинде 122 мың 753 ҳаял-қыздың бәнтлиги тәмийинледи. Аўыр социаллық жағдайға түсип қалған жәрдемге мүтәж ҳаяллардың  4 мың 413 ине дерлик 28 миллиард сумлық социаллық жәрдем көрсетилди. Бул бағдардағы илажлар бағдарламасы менен елимиз бойынша жәми 15 мың 380 ҳаял-қыз қамтып алынып, оларды қоллап-қуўатлаў ушын 76 миллиард сумнан аслам қаржы жумсалды.

Жоқарыдаға жумыслардың избе-излигин тәмийинлеў мақсетинде 2020-жылдың 7-мартынан Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының күни-түни ислеп туратуғын «1211» – қысқа номерли исеним телефоны шөлкемлестирилди. Бул исеним телефонына усы күнге шекем республика бойынша 50 мыңнан аслам мүрәжат келген. Олардың дерлик 80 проценти унамлы шешилди ҳәм қалған 20 проценти қадағалаўға алынды.

Есап бериў дәўиринде мийнетти қорғаў ҳәм қәўипсизлик, қолайлы мийнет шараятларын жаратыў мәселеси бойынша 16 мыңға шамалас басланғыш шөлкемниң жумысы үйренилип, 61 мыңнан аслам кемшилик анықланды. Жумыс бериўшилерге дерлик 10 мыңға шамалас усыныс хаты киргизилди. Олардың 92 процентинде жол қойылған қәте ҳәм кемшиликлер сапластырылды. Жумысшылардың ҳуқықын қорғаў мақсетинде судларға 132 шағым арзасы киргизилди. Шөлкем ҳәм кәрханаларда жумыс бериўшилер менен дүзилген жәмийетлик шәртнамаларға муўапық мийнеттиң қорғалыўы бойынша 1 миллион 591 мыңға шамалас илаждың орынланыўына ерисилди.

2016-2020-жыллары мийнеткешлер ҳәм олардың шаңарақ ағзаларының саламатлығын беккемлеў, жаңа социаллық объектлерди қурыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў бағдарында да салмақлы жумыслар алып барылды. Жаңа санаториялар қурылды, бир қатар саламатландырыў орайларында заманагөй қосымша имаратлар дөретилди. Соның нәтийжесинде саламатландырыў орайларында қосымша орынлар жаратыў имканияты пайда болды.

Сондай-ақ, балаларды саламатландырыў, ҳаялларды социаллық қорғаў, жаслар менен ислесиў, тараўға заманагөй технологияларды енгизиў ҳәм басқа да тийисли мәселелерге байланыслы жумыслар толық талланды.

Қурылтайда Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы Қадағалаў – тексериў комиссиясының 2016-2020-жыллардағы жумысы ҳаққындағы есабаты да тыңланды. Ҳәр еки мәселе бойынша өткерилген додалаўларды сөзге шыққан делегатлар усы жәмийетлик шөлкемниң жумысына баҳа бериў менен бирге, Қадағалаў-тексериў комиссиясының есабаты бойынша да өз пикирлерин билдирди.

Илажда Халықаралық мийнет шөлкеминиң бас директоры Гай Райдер, Халықаралық кәсиплик аўқамлары конфедерациясының бас хаткери Шаран Барроу, Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткер Сергей Лебедевтиң видео қутлықлаўы қатнасыўшылар итибарына усынылды. Олар тәрепинен атап өтилгениндей, дүньяда жүз берип атырған аўыр пандемия шараятында жумыссызлық, кәмбағаллықтың алдын алыў, мийнеткешлердиң мәплерин қорғаў бағдарында Өзбекстан басшылары тәрепинен алып барылып атырған әмелий жумыслар күшли социаллық бағдарланғаны менен халықаралық көлемде тән алынбақта. Соның менен бирге Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы бул бағдардағы ийгиликли ислерге нәтийжели ҳәм мүнәсип үлес қосып киятырған жетекши жәмийетлик шөлкемлерден бири болып есапланады. Бул жақлары жумысы кәсиплик аўқамларына байланыслы бир қатар сырт ел жәмийетлик структураларының басшылары тәрепинен де айрықша тән алынды.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң биринши орынбасары Акмал Саидов, Өзбекстан Жумыс бериўшилер конфедерациясы атқарыў кеңесиниң баслығы Адҳам Икромов, бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министри Нозим Ҳусанов, Өзбекстан Қаҳарманы, тараў ветераны Ҳасан Нормуродов, Қарақалпақстан кәсиплик аўқамлары шөлкемлери бирлеспеси кеңесиниң баслығы Улуғбек Жалменов, «Uzbekistan Airways Technics» авиакәрханасының кәсиплик аўқамлары шөлкеминиң баслығы Лариса Скопина ҳәм басқалар Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңесиниң есап бериў дәўириндеги жумысын қанаатландырарлы деп табыў усынысын киргизди. Бул усыныс барлық делегатлар тәрепинен тастыйықланып, бир аўыздан қабыл етилди.

Буннан соң күн тәртибиндеги биринши мәселе бойынша қурылтай қарары қабыл етилди. Қадағалаў-тексериў комиссиясының есабаты делегатлар тәрепинен тастыйықланды.

Қурылтайда Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының 2021-2025-жылларға мөлшерленген стратегиялық бағдарлары, усы жәмийетлик шөлкемниң жаңа редакциядағы уставы, Федерация Қадағалаў-тексериў комиссиясының жаңа редакциядағы режеси бир аўыздан тастыйықланып, тийисли қарарлар қабыл етилди. Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының 2021-2025-жылларға мөлшерленген стратегиялық бағдарларында Жаңа Өзбекстан кәсиплик аўқамлары жумысының тийкарғы ўазыйпалары белгилеп алынды. Атап айтқанда, мәмлекет экономикасын раўажландырыўға жәрдемлесиў, социаллық қарым-қатнас ҳәм социаллық шерикликти раўажландырыў, мийнетке ҳақы төлеў тараўындағы ўазыйпалар, кәсиплик аўқамлары ҳәм мийнет базары, мийнет қәўипсизлиги ҳәм гигиенасын шөлкемлестириў және норматив негизин беккемлеў, кәсиплик аўқамлары инспекциясының жәмийетлик қадағалаў тараўындағы перспективалы ўазыйпалары, кәмбағаллықты қысқартыў, халық әсиресе, ҳаяллар ҳәм жасларды социаллық қорғаўдың арнаўлы илажларын қолланыў, хызметкерлердиң мәнаўиятын жоқарылатыў, оларды ғалабалық түрде спортқа тартыў, саламатландырыў, кәсиплик аўқамларының жумысын шөлкемлестириў жағынан беккемлеў, жәмийетшилик пенен байланыслар, халықаралық жумыс солардың қатарына киреди.

Рафиқов Қудратилла Мирсоатович бир аўыздан Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының баслығы етип сайланды. Қурылтайда Кәсиплик аўқамлары федерациясы VIII қурылтайы делегатларының халқымыз, жумысшы-мийнеткешлер, кәсиплик аўқамлары шөлкемлери ҳәм социаллық шериклерине мүрәжаты қабыл етилди.

Сол күнниң өзинде Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңесиниң биринши шөлкемлестириў мәжилиси өткерилди. Онда Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы баслығының орынбасарлары және Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы кеңеси президиумының ағзалары сайланды.

 

Назокат УСМАНОВА,

ӨзАның хабаршысы