Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси менен Елликқала районы ҳәкимлиги тәрепинен быйылғы жылдың төртинши шерегинде райондағы дыққатқа ылайық орынлар ҳәм тарийхый-археологиялық естеликлер, өндирислик кәрханалардың жумысы, исбилерменлик субъектлери тәрепинен туризмди раўажландырыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен жақыннан танысыў мақсетинде ғалаба хабар қураллары ўәкиллери, баспасөз хаткерлери ҳәм блогерлер ушын медиатур шөлкемлестирилди.

Илаж қатнасыўшылары район шегарасында жыллы-жүзлилик пенен күтип алынды.

Дәслеп мийманлар райондағы «Чўпон» мәкан пуқаралар жыйыны аймағындағы 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң ашылыў салтанатына қатнасты.

Онда район ҳәкими С.Авезов ҳәм басқа да шығып сөйлеўшилер, Президентимиздиң басшылығында елимизде мектепке шекемги билимлендириў тараўын раўажландырыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумысларға тоқтап өтти. «Абат аўыл» мәмлекетлик бағдарламасы тийкарында 60 орынға мөлшерленип қурып питкерилген  бул балалар бақшасында «Аёзқалъа махсус қурилиш» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң қурылысшылары тәрепинен 1 миллиард 600 миллион сумлық қурылыс жумыслары әмелге асырылды.

Буннан соң медиатур қатнасыўшылары гидропоника усылында қурып питкерилген «Agro eksim gold» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болды. Улыўма баҳасы 18,0 миллиард сум болған жойбар өткен жылдың октябрь айында иске түсирилди. Буның ушын 1670,0 мың АҚШ доллары муғдарындағы кредит есабынан Иран мәмлекетинен заманагөй үскенелер алып келинип орнатылды. Улыўма 4 гектар майданды ийелеген ыссыханада жетистирилген 2,5 миллион АҚШ доллары муғдарындағы өним Россия Федерациясы, Қазақстан,Туркия мәмлекетлерине экспорт етилди. Бул жерде 67 адам турақлы, 60 адам мәўсимлик жумыс пенен тәмийинленген.

Буннан тысқары қосымша 8 гектар ыссыхананың қурылыс жумыслары алып барылып, келеси жылдың март айына пайдаланыўға тапсырыў режелестирилген. Оның иске түсирилиўи менен жумыс орынлары дерлик еки есеге көбейеди.

Илаж қатнасыўшылары райондағы «Умидбек Одилбек» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы «Guldursun limonlari» ыссыханасында алып барылып атырған жумыслар менен танысты. Акционерлик-коммерциялық «Туран банк»тен алынған 870 мың АҚШ доллары муғдарындағы кредит есабынан Қытай мәмлекетинен заманагөй үскенелер алып келинди. Жәми 3 гектар майданды ийелеген ыссыхананың 1,5 гектарына  еки жыллық лимон нәллери алып келинип егилди. Жылына 300 мың дана өним жетистирилип, соннан 240 мың данасы сырт еллерге экспорт етиледи. Ҳәзир 35 адам жумыс пенен тәмийинленген.

Район аймағында тарийхый-археологиялық естеликлер оғада көп. Солардың бири Гүлдирсин қаласы болып табылады. Қәнигелердиң мағлыўмат бергениндей, бул қала эрамыздан алдыңғы IV-III әсирлерде қурылған болып, үлкен Гүлдирсин төртмүйешли қос дийўал менен қоршалған антик қала болған. Қалаға киретуғын дәрўазасы қубла-шығыс тәрепте болып, туўры мүйешли қорғаныў имараты менен оралған. Яғный әййемги қорғаныў имаратлары қурылысы сақланып қалынған. Сонлықтанда душпанлардың бул жерге бирден ҳүжим жасап кириўи қыйын болған.

1220-жылы монғол басқыншылары Хорезмге келгенинде, Әмиўдәрьяның оң жағалығындағы Хорезм мәмлекетиниң ҳәкимлиги жайласқан Гүлдирсин қаласына да ҳүжим жасаған. Қанлы саўаш узақ даўам еткен.  Сол дәўирде ең қудиретли болған бул қаланы монғоллар узақ ўақыт қамал қылып, оған от қойып, халқын аяўсыз қырып таслаған. Билимли ҳәм өнерли адамларды өзлери менен алып кеткен. Усының ақыбетинде гүллеп-жаснап турған қала қарабақанаға айланған. Соған қарамастан оның әтирапында XIV-XV әсирлерге шекем өмир даўам еткен. Қала туўралы көплеген аңыз ҳәм рәўиятлар бүгинги күнге шекем сақланып қалынған. Илаж қатнасыўшыларына бул бойынша толық мағлыўмат берилди.

Район ҳәкимлигинде 4 сектор басшыларының қатнасында баспасөз әнжуманы болып өтти. Онда Президентимиз тәрепинен усы жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң гезексиз сессиясында белгилеп берилген ҳәр бир қала ҳәм районды раўажландырыў, халықтың турмысын жақсылаўға қаратылған ўазыйпалардың орынланыў барысы бойынша мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей, районда туризм ҳәм жүзимгершиликти раўажландырыў бойынша үш жылға мөлшерленген «өсим бағдары» белгилеп алынды.  Инвестициялық бағдарлама тийкарында 2020-2022-жылларда 96 жойбарды әмелге асырыў, соның есабынан 2 мыңнан аслам жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

Районда инвесторлар ушын барлық шараят жаратылған. Бүгинги күнге басқа ўәлаятлардың, Эстония, Украина, Қубла Корея мәмлекетлериниң инвесторлары менен биргеликте жойбарлар әмелге асырылмақта. Усының есабынан соңғы еки жылдың өзинде 4 мың жаңа жумыс орны жаратылды.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Медиатур қатнасыўшылары «Ipak yoli» саўда орайының, «Шарқ юлдузи» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми имаратының  ашылыў салтанатына қатнасып, «Бостан кластер» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде әмелге асырылып атырған жумыслары менен танысты ҳәм «Топыраққала» археологиялық естелик компексинде болды.

-Ҳақыйқатында да районда туризмди раўажландырыў бойынша шараят жетерли екенлигиниң гүўасы болдық,-дейди Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен журналист, Қарақалпақстан телеканалының бас редакторы Базарбай Есмурзаев.-Сонлықтан да ғалаба хабар қураллары ўәкиллери ҳәм блогерлер бул бойынша толық мағлыўматқа ийе болды. Буның ушын шөлкемлестириўшилерге шексиз миннетдаршылық билдиремен.

Солай етип, гезектеги медиатур жуўмақланды. Районда әмелге асырылып атырған кең көлемли жумыслар қатнасыўшыларда айрықша тәсир қалдырды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери