Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде «Ҳаял-қызлардың жәмийетлик-сиясий белсендилигин арттырыўда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша басланғыш шөлкемлердиң тәжирийбеси» атамасында аймақлық ҳаял-қызлар форумы болып өтти.

Форумда мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлердиң, билимлендириў тараўындағы Ҳаял-қызлар басланғыш шөлкемлериниң баслықлары, ҳаял-қызлар қатнасты.

Онда Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қолап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары М.Ахмедова ҳәм басқалар шығып сөйлеп, бүгинги күнде елимизде ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бойынша бир қатар жумыслар исленип атырғанлығын айрықша атап өтип, әмелге асырылған илажлар ҳаққында мағлыўмат берди.

Ҳаял-қызларға байланыслы бир қатар пәрман ҳәм қарарлар, бағдарламалар, жол карталары ислеп шығылған болып, орынланыўы қатаң қадағаланбақта.

Ҳәзирги ўақытта билимлендириў, медицина, мәмлекетлик басқарыў, ҳуқық қорғаў уйымлары, аўыл хожалығы, өндирис ҳәм басқа да тараўларда 2069 ҳаял-қызлар басланғыш шөлкемлери жумыс алып бармақта.

Форумда жоқарғы билимлендириў мәкемелериндеги ҳәм академиялық лицейлердеги «Қызларжан» клублары ҳәм дөгереклери ағзаларының дөретиўшилик жумысларының, миллий ҳәм заманагөй кийим-кеншеклердиң көргизбеси ҳәм мәдений кеше өткерилди.

Илажда бул бағдардағы жумыслардың нәтийжелилигин және де арттырыў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, белсене қатнасқан Ҳаял-қызлар басланғыш шөлкемлери ҳәм ҳаял-қызлар сыйлықланды.

        

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги