Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 21-сентябрьдеги «Жол бойындағы ҳәм туристлик инфраструктараны буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының орынланыўына бағышланған мәжилиске Өзбекстан Республикасы Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитетиниң басшылары, қарарға муўапық дүзилген жумысшы топар ағзалары, район (қала) ҳәкимлериниң орынбасарлары, автомобильлерге жанылғы қуйыў шақапшаларының ўәкиллери қатнасты.

Мәжилисте Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети басқарма баслығының орынбасары М.Ҳайтова ҳәм басқалар шығып сөйлеп,  комитеттиң басламасы менен жергиликли ҳәкимликлер, жуўапкер министрликлер менен шөлкемлердиң бирге ислесиўи нәтийжесинде аймақлардағы автомобильлерге жанылғы қуйыў шақапшаларында санитариялық-гигиеналық жағдай әдеўир жақсыланғанлығын атап өтти.

Атап өтилгениндей, елимизде туризм тараўын және де раўажландырыў ҳәм туризмниң аймақлардағы жалпы ишки өнимдеги үлесин арттырыў әҳмийетли мәселелердиң бири сыпатында қаралмақта. Сонлықтан да, елимизге туристлер ағымының кескин артып атырғанлығы мүнәсибети менен аймақлардағы туристлер кирип баратуғын объектлерде ҳәм автомагистраль жолларда улыўма пайдаланыўдағы санитариялық-гигиеналық шақапшаларды қурыў мәселесине үлкен итибар қаратылмақта. Бул орынлар ҳәзирги заман талапларына толық жуўап бериўи және имканияты шекленген инсанлар ушын да қолайлы болыўы зәрүр. Станцияларда тек жанылғы қуйыў менен шекленбей, келиўшилер ушын басқа да қолайлықлар жаратылыўы, зәрүр болған ҳәр қыйлы хызметлердиң көрсетилиўи мақсетке муўапық болады.

Комитет тәрепинен Республиканың барлық аймақларында еки-үшеўден жаңа үлгидеги санитариялық-гигиеналық шақапшалар қурылып, ықтыярый шериклик шәртлери тийкарында пайдаланыў ушын исбилерменлик субъектлерине тапсырылған еди.

Әмелге асырылған усындай жумыслар менен бирге кемшиликлер де жеткиликли еди. Яғный, Республика бойынша ислеп турған 4 мыңнан аслам автомобильлерге жанылғы қуйыў станцияларының текғана 20 процентинде ғана заманагөй санитариялық-гигиеналық шақапшалар бар еди.

Қарарға муўапық, усы жылдың 1-мартына шекем, барлық автомобильлерге жанылғы қуйыў станцияларындағы санитариялық-гигиеналық шақапшаларды архитектуралық-қурылыс қағыйдалары менен нормаларына сәйкеслендириў, шақапшалары жоқларына тазадан қурыў жумысларын әмелге асырыў белгиленди. Коронавирус пандемиясы себепли, бул мүддет исбилерменлик субъектлерине қосымша қолайлық жаратыў мақсетинде Министрлер Кабинетиниң  усы жыл 10-июльдеги  433-санлы қарары менен 1-сентябрьге шекем созылды.

Автомобильлерге жанылғы қуйыў станциялары аймағында заманагөй санитариялық-гигиеналық шақапшаларға қосымша, усы станциялардың ийелерине өз аймағында тийкарғы жумысларынан басқа, халыққа саўда ҳәм турмыслық хызмет көрсетиў, тез аўқатланыў орынларын, wi-fi зоналарын шөлкемлестириў арқалы пайдаланыўшылар ағымын кеңейтиў имканиятлары да жаратылды.

Комитеттиң басламасы менен аймақлық жумысшы топарлар тәрепинен усы жыл 2-20-сентябрь күнлери аралығында әмелге асырылған қайта хатлаў ҳәм үйрениў жумысларының нәтийжеси бойынша, өткен қысқа ўақыт ишинде барлық автомобильлерге жанылғы қуйыў станцияларының заманагөй санитариялық-гигиеналық шақапшалар менен тәмийинлениўи 20 проценттен 70 процентке өсти.

Комитет жанындағы бюджеттен тысқары Туристлик тараўды қоллап-қуўатлаў фондының қаржылары есабынан усы жылдан баслап ҳәр жылы халыққа ҳәм туристлерге қосымша хызметлер көрсетиў бағдарларында аймақлардағы «Ең жақсы АГТКС», «Ең жақсы АГҚС» ҳәм «Ең жақсы АЖҚС»ларды анықлаў ҳәм оларға баҳалы саўғалар менен бирге «Quality service» сертификатын бериў жолға қойылды.

Ҳәзирги ўақытта Қарақалпақстан Республикасы бойынша 232 жанылғы қуйыў станциялары ислеп турыпты.

Усы жыл 9-11-ноябрь күнлери республикамыз районларындағы 15 автомобильлерге жанылғы қуйыў станциялары көзден өткерилип, үйрениў жумыслары алып барылды. Алты станцияда қарар талаплары орынланбағаны ушын, жумысы ўақтынша тоқтатылды.

Халыққа ҳәм туристлерге қосымша хызметлер көрсетиў бағдарындағы жумысларды жақсы жолға қойған автомобильлерге жанылғы қуйыў станцияларын сыйлықлаў усыныс етилди.

Мәжилисте, Елликқала районы «Әмирабад» АПЖ аймағындағы «Xorazman oil» автомобильлерге жанылғы қуйыў станциясы, Беруний районы «Шимом» АПЖ аймағындағы «Ikrom Azizbek Akbar» автомобильлерге газ қуйыў станциясы, Хожели районы Н.Кубра көшесиндеги «Antakia gold» автомобильлерге газ толтырыў компрессор станциялары «Ең жақсы АЖҚС», «Ең жақсы АГҚС» ҳәм «Ең жақсы АГТКС» деп  жәрияланып,  оларға баҳалы саўғалар менен бирге «Quality service» сертификаты тапсырылды.

– Тийкарғы жумысымыз автомобильлерге жанылғы қуйыў арқалы халыққа хызмет көрсетиў болып есапланады. Усы жумыслар менен бир қатарда қарар талапларына муўапық, санитариялық-гигиеналық шақапша  қурып, онда келиўшилер ушын барлық қолайлықлар жаратыўға ҳәрекет еттик. Жумысшы топар тәрепинен бизиң шақапшамыз жоқары баҳаланды. Алдағы ўақытлары бул бағдардағы жумысларды еле де жетилистириўге ҳәрекет етемиз,-дейди  «Antakia gold» АГТКС хызметкери С.Қурбанов.

Мәжилисте, бул бағдардағы жумысларды және де жетилистириў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, алдағы ўазыйпалар келисип алынды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги