ӨзР Министрлер Кабинетиниң «Қубла Үстирт» миллий бағын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары (707-санлы, 11.11.2020) қабыл етилди. Бул ҳаққында ҚР Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети хабар берди.

 

Қарарға муўапық, Қоңырат районы аймағында мәмлекетлик тәбиятты қорғаў мәкемеси тәризинде улыўмалық майданы 1 447 143 гектар болған «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағы шөлкемлестириледи.

 

Қарар тийкарында:

 

– тәбият бағының хожалық мақсетинде пайдаланыў зоналарындағы жерлер усы аймақларда жайласқан жер ийелери, жерден пайдаланыўшылар ҳәм ижарашылардың ықтыярында қалады;

 

– тәбият бағы Мәмлекетлик экологиялық комитетиниң қурам бөлеги болып табылады;

 

– тәбият бағы Мәмлекетлик экологиялық комитетиниң Экология, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм шығындылар менен байланыслы жумысларды әмелге асырыў қоры қаржылары және нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа дәреклер есабынан қаржыландырылады.

 

Усы нормативлик ҳүжжет тийкарында:

 

– «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының улыўмалық майданы;

 

– «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағына турақлы пайдаланыў ҳуқықы тийкарында берилетуғын жер участкаларының майданы;

 

– «Қубла Үстирт» миллий тәбият бағының қорықхана, рекреациялық ҳәм хожалық мақсетинде пайдаланыў зоналары ушын ажыратылатуғын жер майданы;

 

– тәбият бағы атқарыў аппаратының структурасы тастыйықланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.