Бүгин Өзбекстан кәсиплик аўқамлары Федерациясының VIII Қурылтайы болып өтпекте.

 

Илажда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң қурылтай қатнасыўшыларына байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасының Бас министри Абдулла Арипов оқып еситтирди.

 

Елимиз тарийхында биринши мәрте мәмлекетимиз басшысы Кәсиплик аўқамлары федерациясы қурылтайының қатнасыўшыларына қутлықлаў жоллағаны, онда 11-нобярьди «Кәсиплик аўқамлары күни» сыпатында белгилеў усынысының билдирилгени тараўға болған жоқары итибардың дәлили болып табылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги