Елликқала районы Наўайы мәкан пуқаралар жыйыны аймағында «Ipak yoli» саўда орайының жаңа имараты қурып питкерилип, пайдаланыўға тапсырылды.

Саўда орайының ашылыў салтанатында ҳәкими С.Авезов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, аймақта исбилерменликти раўажландырыў, оларды ҳәм тәреплеме қоллап-қуўатлаў бойынша әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти.

«Бостон мега строй» жуўапкершилиги шекленген жәмийетине қараслы үш қабатлы саўда орайы 1 миллиард 600 миллион сум жеңилликли кредит есабынан қурып питкерилди. Бул жерге келген қарыйдарлар Aux, Shivaki, Indesit, Avalon, Samsung, Аrtel  сыяқлы фирмаларда ислеп шығарылған үй-руўзыгершилик  буйымлары, турмыслық техникалар,  мебельлер ҳәм басқа да күнделикли зәрүр затларды сатып алыў имканиятына ийе. Саўда орайының ашылыўы менен 16 жаңа жумыс орны жаратылды.

-Президентимиз тәрепинен ҳәзирги қыйын жағдайға қарамастан биз исбилерменлерге барлық имканиятлар жаратылып берилмекте ҳәм буның ушын миннетдаршылық билдиремиз,-дейди «Бостон мега строй» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Айбек Юсупов.-Халықтың узағын жақын, мүшкилин аңсат етиў мақсетинде усы саўда орнын аштық.

Жаста болса истиң көзин билген исбилермен алдағы ўақытлары хызмет көрсетиў шеңберин еле де кеңейтиў, жаңа жумыс орынларын ашыўды мақсет етпекте. Атап айтқанда, мебель, аква айна-есиклери, темир буйымлары, ағаш усташылығы цехларын ашып, өнимлерди усы жердиң өзинде ислеп шығарыўды жолға қоймақшы.

Илаж қатнасыўшылары заманагөй саўда орны менен танысты.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери