Усы жыл 9-ноябрь күни Елликқала районы «Шарқ юлдузи» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имараты пайдаланыўға тапсырылды.

Илажда район ҳәкиминиң орынбасары Б.Алимов, Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлиги жанындағы «Инфраструктураны раўажландырыў бойынша Инжиниринг компаниясы» Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик унитар кәрханасының баслығы Ж.Якубов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, елимизде Президентимиздиң басшылығында мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлерин қурыў, материаллық-техникалық базасын беккемлеў, балаларды ҳәр тәреплеме интеллектуаллық, әдеп-икрамлылық, эстетикалық ҳәм физикалық жақтан жетилискен инсанлар етип тәрбиялаўға қаратылып атырған илажларға тоқтап өтти.

Бул бағдарда Елликқала районында да кең көлемли жумыслар алып барылмақта. Солардың ишинде 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң имаратында «Элликқалъа махсус қурилиш» жуўапкершилиги шекленген жәмийети тәрепинен 2 миллиард 600 миллион сумлық реконструкциялаў жумыслары әмелге асырылды.

-Бурынғы имарат талапқа жуўап бермейтуғын еди,-дейди 6-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң меңгериўшиси Қутлыжан Шеримбетова.-Реконструкция жумыслары менен бир қатарда қосымша асхана ҳәм зал имаратлары тазадан қурып берилди. 120 балаға мөлшерленген бақшада 30 ҳаял-қыз, тийкарынан жаслар мийнет етпекте. Көптен берги әрманымыз иске асып, аўыл балалары заманагөй имаратта тәлим-тәрбия алатуғын болды.

Илажда имаратты сапалы етип қурып питкерген қурылысшыларға саўғалар тапсырылды

Қатнасыўшылар жаңа бақшада балалар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Усы күни «Чўпон» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында 10-санлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң жаңа имараты да пайдаланыўға тапсырылды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.

М.ХАБИБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери