Президентимиздиң басламасы менен еки жылдан берли Мойнақ районында Арал теңизиниң суўы қурып кетиўи менен қум, дүз ҳәм шаңлардың ҳаўаға көтерилиўи нәтийжесинде регионда жасайтуғын халыққа, өсимлик ҳәм ҳайўанат  дүньясына жеткерилип атырған зыянның алдын алыў  бойынша кең көлемли жумыслар алып барылмақта.

Пайда болған Аралқум шөлинде қорғаў тоғайзарларын жаратыў бойынша Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 15-февральдағы «Арал теңизиниң суўы қурыған түбинде «жасыл қапламалар» – қорғаныс тоғайзарларын қурыўды жеделлестириў илажлары ҳаққында»ғы және 2019-жыл 24-декабрьде «Арал теңизи түбиндеги суўы қурып қалған аймақларда «жасыл қапламалар» – қорғаныс тоғайзарларын жаратыў бойынша илажлар ҳақында»ғы қарарлары қабыл етилди. Арал теңизи түбиндеги суўы қурыған аймақларда 2019-жылдың қыс ҳәм 2020-жылдың бәҳәр мәўсиминде тоғай мелиорация илажларын әмелге асырыў бойынша «Жол картасы» тастыйқланды.

Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети, Айрықша жағдайлар министрлиги ҳәм мәпдар уйымлар тәрепинен Арал теңизиниң суўы қурып қалған аймақларында қорғаў тоғайзарларын жаратыў илажи жеделлик пенен шөлкемлестирилди. Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң 2019-жыл 28-февральдағы ҳәм 2019-жыл 1-ноябрьдеги қарарларына тийкарланып Мойнақ мәмлекетлик тоғай хожалығына улыўма 941 мың гектар жер майданы турақлы пайдаланыў ушын ажыратып берилди.

Өткен жылдың гүз мәўсиминде ҳәм усы жылдың басында әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесине бола, улыўма 700 мың гектардан аслам жер көклемзарластырылды. Теңиздиң қурыған түбинде шөл егинлеринен сексеўилзар ҳәм жасыл қапламаны жаратыў зәрүрлиги майда дуз бөлекшелерин өнимдарлы топыраққа өтиўин шеклеў ҳәм жайлаў  шарўашылығын раўажландырыўға тийкар жаратады. Сонлықтан усы аймақта соңғы еки жылда себилген  туқымлар ҳәм егилген нәллердиң жағдайын үйрениў қандай нәтийже берди?
Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитети баслығының орынбасары, Тоғай хожалығы илимий изертлеў институтының директоры, аўыл хожалығы илимлер докторы Абдишукур Ҳамзаев өз сәўбетинде төмендегилерди айтып өтти.

– Бул жерде егилген өсимликлердиң жағдайын үйрениў жумыслары турақлы алып барылмақта,- дейди жумысшы топар басшысы Абдишукур Ҳамзаев. – Соңғы мәртебе усы жылдың июнь айында Мойнақ, Ахантай ҳәм Қараөзек аймақларында үйрениў жумыслары әмелге асырылды.

Қарақалпақстан Республикасының тоғайзарларында мелиоратив жумысларды алып барыўдың әҳмийетлилигин мәмлекетимиздиң ҳәр бир пуқарасы жақсы билетуғынлығын атап өтиў зәрүр. Теңиз суўының қурғап қалыўы нәтийжесинде шексиз қумлы шөли пайда болды. Жүзеге келген экологиялық жағдайды  сапластырыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысы тәрепинен бул аймақларды көклемзарластырыў басламасы алға қойылды. Мине еки жыл, теңиздиң қурыған ултанында тоғай-мелиоратив жумысларының нәтийжеси үйренилип, жумысшы топар тәрепинен мониторинг жумыслары алып барылмақта.

Арал теңизиниң суўы қурыған аймақларында тоғай жаратыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлар тоғай хожалықлары тәрепинен 2019-жыл қыс ҳәм 2020-жыл бәҳәр мәўсимлеринде улыўма 2769,8 тонна шөл өсимликлериниң туқымлары таярланды.

Соннан 1319,2 тоннасы сексеўил, 541,1 тонна қандим, 810,9 тонна қарабарақ, 5 тонна черкез ҳәм 93,6 тонна шөл жайлаў өсимликлериниң туқымлары таярланды. Таярланған туқымлар тоғай-мелиоратив илажлар ушын жумсалады. Тоғай хожалықлары тәрепинен тоғай егиў жумысларына сексеўил нәллерин жеткерип бериў мақсетинде 200 гектардан аслам майданда нәлханалар шөлкемлестирилди.

Әмелге асырылған жумыслар нәтийжесинде 2018-жыл ҳәм 2019-жыл бәҳәр мәўсимлеринде 461 мың гектар егилген болса, 2019-жыл қыс ҳәм 2020-жыл бәҳәр мәўсимлеринде Арал теңизиниң қурыған ултанында улыўма 743 мың гектар майданда «жасыл қапламалар» қорғаў тоғайзарлар жаратылды. Буннан тысқары, 3 мың гектар майданда шөл өсимликеринен жайлаў жаратыў жумыслары орынланды. Сондай-ақ, қорғаў тоғайзарларын жаратыў ушын 166,3 мың гектар майданда жерлер егиўге таярланған.

Президентимиздиң 2020-жыл 2-октябрь күни Қарақалпақстан Республикасына сапар етиўи даўамында берген тапсырмасына муўапық 2021-жыл Мойнақ районындағы Арал теңизиниң қурыған түбинде 300 мың гектар тоғай мелиоратив жумысларын әмелге асырыў режелестирилген.

Сондай-ақ Аралбойы регионы болған Бухара, Хорезм, Наўайы ўәлаятларының және Қарақалпақстан Республикасының басқа шөл аймақларында да қосымша 247 мың гектар шөл өсимликлеринен қорғаныс тоғайзарларын жаратыў нәзерде тутылған. Бул бағдарда ҳүкимет қарары жойбары таярланып, ҳәзирги күнде тийисли министрликлер ҳәм ўәлаятлар, уйымлар менен келисилди.

Мониторинг нәтийжелерине бола, тоғай хожалықларына 139 мың гектарды қурайтуғын аз өсетуғын жерлерде қарабарақ ҳәм тамариксти толықтырыў бойынша усыныслар берилди. Күшли шорланған аймақлардың айырым орынларда топырақтың мелиоратив жағдайын жақсылаў бойынша илажларды топырақтаныўшы илимпазларды тартқан ҳалда әмелге асырыўы талап етиледи.

Сексеўил тоғайларында кеселлик ҳәм зыянкеслердиң анықланыўы менен биз өсимликлерди қорғаў ушын киши авиациялар (дельтаплан) жәрдеминде кеселлик ҳәм зыянкеслерге қарсы  гүресиў илажларын көриўди усыныс етемиз.

Бирақ унамлы өзгерислер әлле қашан анық көринип турыпты. Тоғайларды мелиоратив жағдайға келтириў илажлары нәтийжесинде саялы тоғай  қәлиплесип, экосистема тикленбекте ҳәм олар биологиялық ҳәр түрлиликтиң пайда болыўы, сақланыўы ҳәм көбейиўи ушын қолайлы шараят жаратпақта.

Арал теңизиниң қурыған түбинде алып барылып атырған жумыслар регионның ҳаўа райын экологиялық жақтан жақсылаўда үлкен әҳмйиетке ийе. Усы көзқарастан тоғайзарлар жаратыў жумыслары даўам етеди. Илимпазлар қурамалы машқалаларды тоғай хожалығы хызметкерлери менен биргеликте шешиў жолларын излемекте.

 

Даўыт АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентилигиниң шолыўшысы