Шымбай районында Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 26-май күнги «Мәденият ҳәм көркем өнер тараўының жәмийетлик турмыстағы орнын ҳәм тәсирин буннан былай да арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманында көрсетилген тапсырмалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде республикамыздың арка районлары бойынша аймақлық онлайн конференция өткерилди.

Онлайн конференция «Жаңаланған Өзбекстанның раўажланыўында мәденият ҳәм көркем өнердиң орны» атамасында өткерилип, оған Қарақалпақстан Республикасы Мәденият министрлиги басшылары, Балалар музыка ҳәм көркем өнер мектеби директорлары, Шымбай, Нөкис, Кегейли, Бозатаў, Қараөзек ҳәм Тахтакөпир районларының Мәденият бөлими баслықлары қатнасты.

Конференцияда районлық Мәденият бөлимлерине қараслы мәденият орайларының жумыс нәтийжелилигин арттырыў, оларды билимли қәнигелер менен тәмийинлеў,  жасларды орайлардағы дөгереклерге тартыў, материаллық емес мәдений мийрас объектлерин үгит-нәсиятлаў бойынша кеңнен сөз етилип, пикир-усыныслар билдирилди.

Илаж қатнасыўшылары өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги