Ҳәр жылы республикамыз бойлап ноябрь айының екинши екшембиси медицина хызметкерлери күни сыпатында кеңнен белгиленеди.

Кәсиплик байрам мүнәсибети менен Шымбай районлық медицина бирлеспеси бөлими хызметкерлери арасында спорттың мини-футбол түри бойынша ер адамлар арасында «Кәсиплик аўқамы комитети  кубоги» жарысы өткерилди.

Жарыс жуўмағында «Тез жәрдем» бөлиминиң «Шақмақлар» командасы биринши орынды ийеледи.

Сондай-ақ, жарыста «Ең шаққан ҳүжимши», «Ең жақсы дәрўазаман», «Ең жақсы үлкен ойыншы»   номинациялары бойынша да жеңимпазлар анықланып, шөлкемлестириўшилер тәрепинен таярланған диплом ҳәм естелик саўғасы менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги