Қараөзек районында шор жуўыўға жерлерди таярлаў, егислик майданларды лазерь технологиясы жәрдеминде тегислеў бойынша илимий-әмелий семинар өткерилди.

Семинарға Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги, Ирригация ҳәм суў машқалалары илимий-изертлеў институты ўәкиллери, районның сектор басшылары, фермерлер, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Райондағы «Бердақ» аўыллық пуқаралар жыйынында жайласқан «Элеста» фермер хожалығы атызларында өткерилген илажда  тараў қәнигелери шығып сөйлеп, аймақтың шорланыў дәрежесин азайтыў бойынша исленип атырған жумысларға тоқтап, агротехникалық илажлар жәрдеминде егислик майданларды пуқта таярлаў ислери бойынша пикир-усыныслар билдирилди.

Сондай-ақ, суўдан үнемли пайдаланып, жерлерди шор жуўыўға сапалы етип таярлаў бойынша  мәсләҳәтлерин берип өтти.

Келешекте районға заманагөй лазерь техникаларының  9 данасын алып келиў режелестирилген болып, соннан бүгинги күнде  алып келинген бир дана техника жәрдеминде егислик майданларды тегислеў жумыслары алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги