Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Ҳүкимет басшылары кеңесиниң Өзбекстан Республикасы басшылығындағы гезектеги мәжилиси 6-ноябрь күни видеоконференцбайланыс түринде болып өтти.

Мәжилисти Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Арипов алып барди.

Илажда, сондай-ақ, Беларусь, Молдова, Әзербайжан, Тәжикстан, Қазақстан Республикасы Бас министрлери, Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң Баслығы, Армения Республикасы Бас министриниң орынбасары, Қырғыз Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшы ҳәм Бас министри, Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары, сыртқы ислер министри қатнасты.

Мәжилис қатнасыўшылары тийкарғы итибарды ҒМДА шеңбериндеги экономикалық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелерине, сондай-ақ, коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы нәтийжели гүресиў бойынша биргеликтеги ҳәрекетлерге қаратты. Онда Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы еркин саўда зонасының толық ислеўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Дослық Аўқамына ағза мәмлекетлер халықларының абаданлығын ҳәм турмыс сапасын арттырыў ушын жақсы қоңсышылық, өз-ара ҳүрмет ҳәм мәплерди есапқа алыў тийкарында бирге ислесиўди жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Ҳүкимет басшылары Дослық Аўқамы еллери арасындағы экономикалық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша пикир алысты, 2030-жылға шекемги дәўирде ҒМДА экономикалық раўажланыў стратегиясының биринши басқышы (2021-2025-жыллар)н әмелге асырыў бойынша Ҳәрекетлер режесин додалады.

ҒМДА еллери саўда-экономикалық бирге ислесиўиниң базалық принциплери ҳәм тийкарғы бағдарларын белгилеп беретуғын бул ҳүжжет Дослық Аўқамға ағза мәмлекетлер экономикасының бәсекиге шыдамлылығын арттырыў, жоқары технологиялы транспорт системаларын жаратыў, аграр санаат комплексин беккемлеў, экономиканы санластырыўды жеделлестириў, илимий-техникалық ҳәм илим-билимлендириў потенциалын жоқарылатыў және финанслық ҳәм социаллық-экономикалық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге қаратылған.

Мәжилис қатнасыўшылары өз баянатларында коронавирус пандемиясы менен байланыслы жағдайға өз алдына тоқтап өтти. Атап айтқанда, ҒМДА Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев, соның ишинде, усы кеселлик ақыбетинде берилген қурбанлар муғдары ҳәм салыстырылыўы бойынша тек ғана ҒМДА да емес, ал жер  жүзинде де ең унамлы көрсеткишлерден бирин көрсеткен Өзбекстан эпидемияға қарсы нәтийжели гүресиў, пандемияның мәмлекет экономикасына унамсыз тәсирин жумсартыў бағдарында үлги болып атырғанын айрықша атап өтти.

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Ҳүкимет басшылары кеңесиниң мәжилисинде биринши мәрте қатнасып атырған Қырғыз Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшы, мәмлекеттиң Бас министри Садир Жапаров Россия, Қазақстан, Әзербайжан қатарында Өзбекстан Президенти ҳәм Ҳүкимети де пандемия дәўиринде туўысқан қырғыз халқын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў мақсетинде бир неше мәрте адамгершилик жәрдемин көрсеткенин тән алды ҳәм шын жүректен миннетдаршылық билдирди.

Қазақстан Республикасы Бас министри Асқар Мамин болса ҒМДА аймағында экономикалық раўажланыўды тәмийинлеў, еллеримиз экономикасына пандемияның унамсыз тәсирин имканият дәрежесинде азайтыў, өндирис кәрханаларының жумысын тиклеў мәселелерине тоқтап өтип, бул бағдарда бир неше анық усыныслар билдирди. Соның менен бирге, усы бағдарда елимизде әмелге асырылып атырған илажлардың жоқары нәтийжелилигин атап өтти. Өзбекстан басшылығында Кеңес шеңберинде алдынғы мәжилислерде қабыл етилген қарарлардың орынланыўын тәмийинлеўге айрықша итибар қаратылып атырғанын тән алды.

Қазақстан ҳүкиметиниң басшысы кәсиплеслериниң дыққатын азық-аўқат қәўипсизлиги мәселеси және туризм, транспорт тараўларындағы бирге ислесиў көлемин кеңейтиўге тартып, соның ишинде, Қазақстан ҳәм Өзбекстанның «Уллы жипек жолы» трансшегаралық туристлик өнимин жаратыў бойынша бирге ислесиўин мысал етип келтирди. Бул процессте Түркстан-Чимкент-Ташкент-Самарқанд-Бухара-Хийўа тез жүрер темир жол тармағын иске қосыў бойынша жойбар әмелге асырылатуғынын билдирди.

Ҳүкимет басшылары кеңеси мәжилисиниң жуўмақлары бойынша транспорт, энергетика, қурылыс, билимлендириў, мәденият, туризм, денетәрбия ҳәм спорт тараўларын, сондай-ақ, жаслар сиясатын раўажландырыўға байланыслы жәми 23 ҳүжжетке қол қойылды.

Атом энергиясынан тыныш мақсетлерде пайдаланыў, инновациялар, жергиликли машқалалардың қатнасыўшылары ҳәм олардың шаңарақларының турмысын жақсылаўға байланыслы бағдарламалар, регионлараралық ҳәм трансшегаралық және аўыл хожалығы инженерлиги тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў концепциялары, транспорт қәўипсизлиги ҳәм ҒМДАға ағза мәмлекетлердиң гуманитарлық тараўдағы бирге ислесиўин тәмийинлеў бойынша ҳәрекетлер режелери, жәмийеттиң санлы раўажланыў ҳәм радиоактив материалларды трансшегаралық тасыў тараўындағы өз-ара қатнасықларды тәртипке салыўшы шәртнамалар солардың қатарына киреди.

ҒМДА Ҳүкимет басшылары кеңесиниң гезектеги мәжилиси 2021-жыл 28-майда Беларусь Республикасының басшылығында Минск қаласында өткерилиўи режелестирилген.

 

Ғайрат ХОННАЗАРОВ,

ӨзАның хабаршысы