Бүгин Тақыятас районы «Кенегес» АПЖ Муқимий аўылында бос турған жер майданларында жәмийетлик жумысшылар тәрепинен абаданластырыў жумыслары алып барылған.

Район ҳәкимлиги мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, исленген жумыслар нәтийжесинде топланған шығындылар, қуўраған шөплерди өртеў нәтийжесинде өрт келип шыққан. Өрт ақыбетинде 2400 квадрат метрлик жер зыянланған. Ҳәдийсе ақыбетинде ҳеш ким жәбир көрмеген.

 

Хабарда жазылыўынша, районлық Айрықша жағдайлар бөлими тәрепинен тийисли жуўапкерлерге нызамда белгиленген шара көриледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.