Қарақалпақстан Республикасы Конституциясы 81-статьясының 6-бәнтине муўапық Панаев Утемурат Бердимуратович Нөкис қаласы ҳәкими ўазыйпасын атқарыўшы етип тайынланды.

 

Бул ҳаққында ҚР Жоқарғы Кеңесиниң баспасөз хызмети хабар берди.

 

Еслетип өтемиз, Нөкис қаласы ҳәкими лаўазымында 2017-жылдың ноябрь айынан усы күнге шекем Парахат Турешев жумыс ислеп киятырған еди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги