Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы Спикериниң орынбасары, ӨзЛиДеП фракциясының баслығы Актам Хаитов пандемия дәўиринде жаңа жумыс орынларын жаратыў, қамбағаллықты қысқартыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде республикамызда болып, Тақыятас ҳәм Хожели районларының исбилерменлери менен ушырасты.

Спикердиң орынбасары Тақыятас районындағы балықшылыққа қәнигелестирилген «Замирбек-Тақыятас» жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң жумыслары менен жақыннан танысты. Өткен жылы жасалма ҳәўизге 80 мың дана шабақ тасланып, соннан бүгинги күнге 20 тонна балық жетистирилди.

-Жумыс баслағанымызға жаңа бир жыл болды,-дейди жуўапкершилиги шекленген жәмийетиниң баслығы Ахмед Хасанов.-Улыўма 40 гектар жер майданы ажыратылған болып, жети жаңа жумыс орны жаратылды.

Буннан соң райондағы қоян жетистириўге қәнигелестирилген «Самандар Тақыятас» жуўапкершилиги шекленген жәмийетинде болды. 2016-жылы коммерциялық банктен алынған кредит есабынан 36 қоян менен жумыс баслаған болса, бүгинги күнге шекем қоянлардың бас саны 3 миллионнан асты. Быйылғы жылдың өзинде 150 миллион сум әтирапында сап пайда алыўды режелестирмекте. Соның менен бирге, Нөкис районы аймағыннан қоян жетистириўге қәнигелестирилген еки жуўапкершилиги шекленген жәмийетин ашыў нәзерде тутылмақта. Бул еки жәмийет иске түсиўи менен 100 ге шамалас жаңа жумыс орны жаратылады.

Ушырасыў даўамында Актам Хаитов  жетистирилген өнимлердиң сапасы, сатылыўы, исбилерменлердиң машқалалары ҳәм келешектеги режелери менен ортақласты. Жумысшылар менен пикирлесип, машқалаларын депутатлар менен биргеликте шешиўге таяр екенлигин билдирди.

Соның менен бирге, ыссыханалар шөлкемлестириў, оқыў орайын ашыў ҳәм «Тамарқа хизмати» тәрепинен нәл жеткерип бериў мәселелери додаланды.

Хожели районы «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Бахтияр Юсуповтың үй қапталы қыйтақ жериндеги тоқсанбасты егинлерин егиў ҳәм бағшылық жумыслары менен танысты. Улыўма 3,5 гектар жер майданының 2,2 гектары бағ болса, қалған атызларға бийдай, гешир, капуста,  чеснок, пияз, картошка егинлерин егип алмақта. Шаңарағынан аўысқанын базарға апарып сатады.  Сондай-ақ, райондағы «Шағалакөл» мәкан пуқаралар жыйыны аймағында жасаўшы  Қалнияз Нурымбетовтың шаңарағында болып, үй қапталы қыйтақ жеринен пайдаланыў жумыслары менен танысты. Бул хожалық та дийқаншылықтан айтарлықтай дәрамат алып киятыр. Мақсет бундай шаңарақлардың қатарын және де көбейтиў болып табылады.

Ушырасыў барысында машқалалар ҳәм олардың шешими, келешектеги режелер бойынша пайдалы пикир алысыўлар болды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы