Хабарыңыз бар, Хожели районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм инвестициялық потенциалын арттырыў, сондай-ақ, район турғынларының машқалаларын үйренип шығыў ҳәм тезлик пенен шешимин табыў мақсетинде Хожелиде Өзбекстан Республикасы  Мәмлекетлик салық комитетиниң арнаўлы штабы шөлкемлестирилген еди.

Арнаўлы штаб аймақты экономикалық раўажландырыў, жаңа өндирислик кәрханаларын шөлкемлестириў ҳәм социаллық объектлерди қурыў бойынша жойбарларды әмелге асырыў жумысларын  даўам еттирмекте.

Хожели районындағы «Саманкөл» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында балалар бақшасы болмағанлығы себепли аймақ турғынлары балаларын узақ аралықтағы, яғный район орайындағы балалар бақшасына алып барыўы, алып қайтыўы қыйыншылық туўдыратуғын еди. Сонлықтан, арнаўлы штаб тәрепинен исбилерменлик жумысын басламақшы болған Бибиасия Ашиковаға жаңадан «Лайлакча» атлы мәмлекетлик емес шаңарақлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемин ашыўға әмелий жәрдем берилди. Енди бул аймақ балалары алыстағы балалар бақшасына қатнамай-ақ, үйлериниң жанындағы балалар бақшасында тәрбияланыўына мүмкиншилик жаратылды.

Сондай-ақ, «Мустақиллик» аўыл пуқаралар жыйыны аймағында да жаңадан «Мўжиза» балалар бақшасының шөлкемлестирилиўи де балаларға үлкен қуўаныш бағышлады.

Арнаўлы штаб тәрепинен райондағы усы бағдардағы жумыслар даўам етпекте.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги