Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 14-августтағы «Қосымша қун салығы ҳәм сырт ел юридикалық тәреплери менен байланыслы салық ҳәкимшилигин жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары ҳәм усы қарардың «Қосымша қун салығы суммасының орнын қаплаў тәртиби ҳаққында»ғы режесине муўапық, кәрханаларға қосымша қун салығы бойынша нольлик ставканы қолланыў нәтийжесинде пайда болған қосымша қун салығының унамсыз айырмашылық суммасы узағы менен 7 күн ишинде қайтарылыўы белгиленген.

Салық төлеўшилер тәрепинен сатып алынған товар (жумыс, хызмет)лар арасында пайда болған унамсыз айырмашылық суммасын исбилерменлердиң есап бетине қайтарыў тәртибиниң жолға қойылғанлығы олардың және де раўажланыўына мүмкиншилик жаратады.

Мәселен, «NUKUS TEXTILE» кәрханасы 2018-жылда қытайлы инвесторлардың қаржысы тийкарында жумысын қайта тиклеген еди. Тийкарғы жумысы пахта шийки затынан ийирилген жип өнимлерин ислеп шығарыўға қәнигелескен бул кәрханада ҳәзирги ўақытта 80 адам жумыс пенен тәмийинленген. Таяр жиплер тийкарынан Қытай мәмлекетине экспорт етилмекте. Усы жыл даўамында кәрхана тәрепинен Қытай мәмлекетине баҳасы 1197,5 мың АҚШ долларына тең болған өнимлер экспорт етилди.

Бул кәрхана тәрепинен усы жыл январь-сентябрь айлары даўамында қосымша қун салығына нольлик ставка қолланылған ҳалда өнимлер экспорты әмелге асырылғанлығы нәтийжесинде жәмийеттиң қосымша қун салығының унамсыз айырмашылық суммасының орнын қаплаўы лазым болған сумма 370,6 миллион сумды қурады.

Усыған тийкарланып жәмийеттиң Мәмлекетлик салық басқармасына берген арзасына муўапық, 334,6 миллион сумлық қосымша қун салығы суммасы кәрхана есап бетине қайтарылды.

– «Салықшы – исбилерменге жәрдемши» принципи тийкарында салық тараўының хызметкерлери исбилерменлик субъектлерине хызмет көрсетип, олардың ең жақын мәсләҳәтшисине айланбақта,-дейди басқарма қәнигеси М.Мершиева. – Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасына усы жыл 14-августтан 30-октябрьге шекем улыўма муғдары 56,5 миллиард сум болған 159 арза келип түсти. Үйренип шығылған арзалардың 53и  қанаатландырылыўы ушын Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Fазнашылығына жиберилип, салық төлеўшилердиң банк есап бетлерине 23,3 миллиард сум муғдарындағы қаржылар қайтарып берилди.

Еслетип өтемиз, әмелдеги нызамшылыққа муўапық, мәмлекетлик уйымларға қосымша қун салығын қаплаў ямаса қайтарыў бойынша салық төлеўши тәрепинен арза келип түскеннен кейин, 2 түрли мүддетте – арза берилген күннен баслап тезлетилген тәртиптеги арзаларды жети күннен кешиктирмей ҳәм улыўма белгиленген тәртипте, келген арзаларды алпыс күннен кешиктирмей көрип шығылады.

Тезлетилген тәртипте, яғный 7 күннен кешиктирмеген ҳалда ири салық төлеўшилер, дипломатиялық ўәкилханалар, банк кепиллигине ийе шахсларға, экспортшы кәрханаларға, өнимниң бөлистирилиўине байланыслы келисим қатнасыўшыларына («0» ставка) ҳәм салық мониторинги қатнасыўшыларына қайтарылады. Қалған барлық салық төлеўшилерге 60 күннен кешиктирмей қайтарылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги