Ҳәмиледарлықтың дәслепки үш айында таң сәҳәрде турып көше сыпырған келинлердиң көпшилиги аязлаўы нәтийжесинде туўма жүрек нуқсаны (порок) болған перзентлерди дүньяға келтирмекте. Бул ҳаққында академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий медициналық орайының туўма жүрек нуқсанлары бөлими баслығы Умиджон Муродов айтып өткен.

 

«Туўма жүрек нуқсанының келип шығыў теориясы бойынша илимпазлар оғада көп излениўлер алып барған. Ең тийкарғы теория бул – инфекциялық кеселликлер ақыбетинде келип шығыўы болып табылады. Статистикаға итибар қарататуғын болсақ, биринши ямаса екинши перзентлерде туўма жүрек нуқсанлары келип шығады. Себеплердиң тийкарғысы, ҳәмиледарлық ўақтының дәслепки 3 айында жүрек раўажланады. Бизде жаңа түскен келинлер усы дәўирде аязласа, «жеңил грипп болдым» деп қандайда бир инфекциялық кеселликлерди бастан өткереди. Таң сәҳәрде келинлер турып көшени сыпыраман дейди ямаса жеңил-желпи кийинип, сыртқа шығып кетеди. Сол себепли жеңил түрде аязлайды. Ҳәмиледарлықтың дәслепки 3 айынан соң анадағы кеселлик баланың жүрегине тәсир етпейди. Себеби, балада жүрек қәлиплесип болады», – деген У.Муродов.

 

Туўма жүрек нуқсаны кеселлиги туўылып атырған нәрестелердиң ҳәр мыңынан биринде ушыраўы мүмкин. Олардың 30-40 процентине өз ўақтында жәрдем көрсетилмесе, 3 жасқа толғанша қайтыс болады.

 

«Республикамызда жылына 600 мыңға шамалас нәресте дүньяға келсе, соннан 5 мыңға шамалас нәресте туўма жүрек нуқсаны менен туўылады. Олардың 60 проценти 1 жасқа шекемги болған жағдайда хирургиялық әмелиятқа мүтәж болады. Олардың ең көп ушырайтуғыны қарыншалар аралық ҳәм бөлмешелер аралық дийўал деффекти, ашық артериал жол, жүрек қан-тамырлары транспозициясы», – деп айтып өткен қәниге.

 

Мағлыўмат ушын, 2-ноябрьден 10-ноябрьге шекем Өзбекстандағы туўма жүрек нуқсаны болған барлық наўқаслар академик В.Ваҳидов атындағы Республикалық қәнигелестирилген хирургиялық илимий-әмелий медициналық орайы, консультативлик поликлиникасында бийпул тексерилип, диагноз алыўы мүмкин.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.