Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан арасында саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық тараўлардағы бирге ислесиў көлемин кеңейтиў бойынша алып барылып атырған жумыслар шеңберинде мәмлекетимиздиң Делидеги елшиханасында «Ҳиндстан – ҒМДА» саўда санаат палатасының президенти Жиотсана Чоудхри менен сөйлесиў өткерилди, деп хабар береди xs.uz.

Ушырасыў шеңберинде еки мәмлекет исбилерменлери арасындағы өз-ара бирге ислесиў қатнасықларының күн сайын раўажланып атырғанлығы өз гезегинде саўда-экономикалық қатнасықлар көлеминиң  кеңейиўине хызмет ететуғыны атап өтилди. Бул бағдарда Өзбекстан ҳәм Ҳиндстан саўда-санаат палаталары, исбилерменлер ассоциацияларының белсендилигин  буннан былай да арттырыў әҳмийетли екенлиги билдирилди.

«Ҳиндстан – ҒМДА» саўда санаат палатасы президентине Өзбекстан аймақларында режелестирилген түрли бағдарлардағы перспективадағы инвестициялық жойбарлар ҳәм Ҳиндстан базарына экспорт етилиўи мүмкин болған жергиликли  өнимлер бойынша ҳәр тәреплеме коммерция усыныслары жеткерилди.

Ҳиндстан саўда-санаат палатасы өзбекстанлы шериклер менен тығыз байланыслар орнатыў, онлайн сөйлесиўлер шөлкемлестириў менен биргеликте, ҳәр еки мәмлекет аймақларында қоспа бизнес-форумлар, көргизбелер шөлкелемстириўге қызығыўшылық билдирди. Бул бағдарда жақын күнлерде «Өзбекстан экспортшылары» ассоциациясы  менен тиккелей сөйлесиўлер өткериў ҳәм рәсмий бирге ислесиў қатнасықларын орнатыўға келисилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги