2021-жылдағы мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызамның жойбарына муўапық, мийнет ҳақы, пенсия, стипендия, напақалар муғдарлары ҳәм айырым хызмет түрлери бойынша тарифлердиң артыўы менен байланыслы қәрежетлерге 8,4 трлн сум ажыратылмақта.

 

Соңғы қәлиплескен қағыйда бойынша мийнет ҳақы, пенсиялар, социаллық напақалар ҳәм стипендиялар муғдары ҳәр ярым жылда өткен дәўирдеги инфляция дәрежесинен төмен болмаған муғдарларда көбейтилиўи керек.

 

Мәмлекетлик бюджет ҳаққындағы нызам жойбарында ҳүкимет 2021-жылда инфляцияның 9-10% дөгерегинде болыўын прогноз етпекте.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.