Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлигинде аўыр социаллық жағдайда жасап атырған, майыплығы болған 61 ҳаял-қызға медициналық реабилитация қураллары тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен өткерилген илажда Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министриниң биринши орынбасары Марям Ахмедова елимизде Президентимиздиң басшылығында ҳаял-қызларды, соның ишинде, аўыр социаллық жағдайда жасап атырған, майыплығы болған пуқараларды социаллық қоллап-қуўатлаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумысларға тоқтап өтти. Бул бағдарда «Ҳаял-қызларды ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик мақсетли қоры» қаржылары есабынан жәрдемге мүтәж шаңарақлар, майыплығы болған шахслар зәрүр реабилитация қураллары менен тәмийинленип келмекте. Усы қор есабынан республикамыздан 61 ҳаял-қызға реабилитация қуралларын тапсырыўға бағышланған илажда усылар ҳаққында сөз болды.

-Балалығынан екинши топар майыплығы болған 25 жасар қызым Лейлаға тирсекли қолтық таяқ ушын арза менен мүрәжат еткен едим, бул унамлы шешилди,-дейди Нөкис қаласындағы «Жеке терек» мәкан пуқараралар жыйынының турғыны Г.Атажанова.-Бүгин қызыма тирсекли қолтық таяқ тапсырылды. Буның ушын Президентимизге шексиз миннетдаршылық билдиремен.

Қарақалпақстан Республикасы Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министрлиги Мәлимлеме хызметиниң мәлим еткениндей, усы жылдың ақырына шекем және 130 ҳаял-қызға медициналық реабилитация қуралларын тапсырыў режелестирилген.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы