Қарақалпақстан Республикасының сыртқы саўда айланысы, сыртқы экономикалық байланысы, соның ишинде, сыртқы саўда тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың ақырғы нәтийжеси халықтың турмыс дәрежесине өз тәсирин көрсетпекте.

Усы жылдың январь-сентябрь айларында экспорт етиўшилердиң саны 187ге жетти. Олар тәрепинен 238,7 миллион АҚШ доллары  муғдарындағы товар ҳәм хызметлердиң экспорт етилиўи тәмийинленген.

Экспорт қурамында товарлардың үлеси 99,0 процентти қурап, олардың көпшилиги тийкарынан химиялық қураллар ҳәм басқа категорияларға киргизилмеген ҳәм оған уқсас өнимлерге (69,1 процент), азық-аўқатлық емес шийки затларға (жанылғыдан тысқары 12,5 процент), тийкарынан материал түрине қарап классификацияланған санаат товарларына (10,2 процент) ҳәм азық-аўқат өнимлери және тири ҳайўанлардың (5,4 процент) үлесине туўра келмекте.

– FМДА мәмлекетлери ҳәм басқа мәмлекетлерге экспорттың бағдары бойынша өзгерислер бар,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы, сыртқы экономикалық байланыслар ҳәм саўда статистикасы бөлиминиң баслығы П.Боранбаев. – Соннан, FМДА мәмлекетлерине экспорттың тийкарғы бөлими химиялық қураллар ҳәм басқа категорияларға киргизилмеген ҳәм оған уқсас өнимлер үлесине туўра келмекте. Экспорт көлеми бойынша кейинги орынлар азық-аўқатлық өнимлер, тири ҳайўанлар және тийкарынан материал түрине қарап классификацияланған санаат товарларына туўра келмекте.

Ал, 2020-жылдың январь-сентябрь айларында импорт көлеми 130,4 миллион АҚШ долларын қурады ҳәм өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 38,8 процентке азайды.

Импорт қурамындағы ең үлкен үлес машиналар ҳәм транспорт әсбап-үскенелери (33,6 процент), химиялық қураллар ҳәм басқа категорияларға киргизилмеген ҳәм оған уқсас өнимлер (16,7 процент) ҳәм азық-аўқат өнимлери менен тири ҳайўанлардың (14,2 процент) үлесине туўра келди.

Импорттың ең үлкен үлеси, атап айтқанда, азық-аўқат өнимлериниң ҳәм тири ҳайўанлардың (30,7 процент), азық-аўқатлық емес шийки затлардың, жанылғыдан тысқары (24,3 процент) ҳәм тийкарынан материал түрине қарап классификацияланған санаат товарларының (10,8 процент) FМДА  мәмлекетлерине туўра келеди. Басқа сырт ел мәмлекетлерине болса ең үлкен үлес машиналар ҳәм транспорт әсбап-үскенелери (46,3 процент) ҳәм химиялық қураллар ҳәм басқа категорияларға киргизилмеген ҳәм оған уқсас өнимлерине (22,5 процент) туўра келеди.

Усы дәўирде импорт етилген товарлар ҳәм хызметлер қурамының анализи соны көрсетти, 2019-жылдың усы дәўирине салыстырғанда химиялық қураллар ҳәм басқа категорияларға киргизилмеген ҳәм оған уқсас өнимлер импортының үлеси 9,9 проценттен 16,7 процентке шекем өсти, машиналар ҳәм транспорт әсбап-үскенелери 51,9 проценттен 33,6 процентке, ҳәр қыйлы таяр буйымлар импортының үлеси болса 11,3 проценттен 7,2 процентке азайды.

2020-жылдың январь-сентябрь айлары жуўмағы менен республиканың  сыртқы саўда айланысы 381,4 миллион АҚШ долларын қурап, экспорт көлеми 251,0 миллион АҚШ долларына ҳәм импорттың көлеми 130,4 миллион АҚШ долларына жетти. Сыртқы саўда айланысы сальдосы 120,6 миллион АҚШ долларды қурады.

Соңғы жылларда ҳүкиметимиз тәрепинен санаат структурасын диверсификациялаўда, экспортты қоллап-қуўатлаў, импорттың орнын басыўшы товар ҳәм өнимлерди ислеп шығарыўдың және де арттырылыўы нәтийжесинде, экспорт қурамында сезилерли дәрежедеги өзгерислерге ерисилди.

Қарақалпақстан Республикасы, дүньяның 58 мәмлекети менен саўда байланысларын әмелге асырып келмекте. сыртқы саўда айланысының салмақлы үлеси Қытай Халық Республикасында (28,0 процент), Россия Федерациясында (21,2 процент), Түркияда (12,5 процент), Қазақстанда (10,1 процент), Корея Республикасында (7,3 процент) ҳәм Латвияда   (5,1 процент) бақланған.

Сондай-ақ, қоңсы мәмлекетлер менен өз-ара қатнасықларды беккемлеў, мәмлекетлердиң социаллық-экономикалық, саўда-санаат, мәдений тараўлардағы байланысларын раўажландырыў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылып атырғанлығын көриўимиз мүмкин.

Соннан, қоңсы мәмлекетлер менен сыртқы саўда айланысында соңғы жылларда үлкен өзгерислер бақланбақта. Атап айтқанда, соңғы үш жылда Тәжикстан, Аўғанстан ҳәм Түркменстан менен сыртқы саўда айланысының өскенлиги көринбекте.

Басқа мәмлекетлер (қоңсы мәмлекетлерден тысқары) менен болса, сыртқы саўда айланысында ең жоқары үлес Қытай, Россия, Түркия, Корея Республикасы ҳәм Латвия мәмлекетлериниң үлесине туўра келген.

Республикамызда сыртқы саўданы қоллап-қуўатлаў ҳәмде FМДА мәмлекетлери менен усы саладағы шерикликти және де беккемлеў мақсетинде алып барылып атырған илажлар нәтийжесинде, усы жылдың январь-сентябрь айларында, сыртқы саўда айланысында FМДА мәмлекетлериниң үлеси 36,0 процентти қурап, сыртқы саўда айланысы 137,2 миллион АҚШ долларын қурады.

Басқа сырт ел мәмлекетлериниң сыртқы саўда айланысы 2020-жылдың январь-сентябрь айларында 2019-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 26,9 процентке азайды ҳәм жәми сыртқы саўда айланысындағы үлеси 64,0 процентти қурады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги