2017-жылдың ноябрь айынан берли «Қарақалпақдәнөнимлери» акционерлик жәмийетиниң басқарыў директоры лаўазымында ислеп келген Э.Х. өз лаўазымынан пайдаланып, жәмийеттиң бөлистириў бөлими маркетологы лаўазымында ислейтуғын Р.А. менен тил бириктирип, нызамға қайшы ҳәрекетлер ислейди.

 

Бөлистириў бөлими маркетологы жәрдеминде халыққа арзан баҳаларда сатылыўы керек болған ун өнимлерин пуқаралар менен шәртнамалар дүзилместен, жәмийеттиң ишки буйрықларын шығармастан ҳәм көшпели саўда дүканларын шөлкемлестирместен 2018-жылдың 15-сентябрь күнинен 2019-жыл 15-октябрьге шекем улыўма 8 608 450 килограммлық 15 064 787 500 сумлық ун өнимлериниң нызамсыз сатылыўына рухсат берип, жәмийет тәрепинен усы дәўир ишинде 16 300 650 килограммлық 28 526 137 500 сумлық ун өнимлери халыққа сатыў ушын шығыс етилген. Соннан нақ пул, банк терминаллары ҳәм районлардағы банклер арқалы улыўма 28 123 938 215 сумлық қаржы кирис етилген.

 

Қалған 402 199 285 сумлық пуллар ун өнимлериниң пулларын банк терминаллары арқалы кемис қабыл етиў нәтийжесинде өзлестирилген ҳәм мәмлекетлик мүлкке көп муғдарда зыян жеткерген.

 

Қарақалпақстан Республикасы Жынаят ислери бойынша суды апелляциялық инстанциясының тийисли уйғарыўы менен Э.Х. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 205-статьясы 2-бөлими «а» бәнти менен айыплы деп табылып, бир жыл мүддетке мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик үлеси болған кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерде шөлкемлестириў-басқарыў, ҳәкимшилик-хожалық ўәкилликлери берилген және материаллық жуўапкерли лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырып, базалық есаплаў муғдарының 140 есеси (31 220 000 сум) муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.

 

Жәмийеттиң бөлистириў бөлими маркетологы Р.А. Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 28-статьясы ҳәм 205-статьясы 2-бөлими «а» бәнти менен айыплы деп табылып, бир жыл мүддетке мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик үлеси болған кәрхана, мәкеме ҳәм шөлкемлерде шөлкемлестириў-басқарыў, ҳәкимшилик-хожалық ўәкилликлери берилген лаўазымларда ислеў ҳуқықынан айырып, базалық есаплаў муғдарының 100 есеси (22 300 000 сум) муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.