Балалардың саламат ҳәм билимли болып өсиўинде балалар бақшасының орны әҳмийетли.

Елимизде пандемия себепли карантин жарияланғанлы мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери өз жумысын тоқтатқан еди.

Бүгинги күнде ата-аналардың пикирлери ҳәм жергиликли депутатлардың усынысларына муўапық республикамызда Мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери карантин талапларына толық әмел еткен ҳалда басқышпа-басқыш қайта ашылмақта.

Қарақалпақстан Республикасы Мектепке шекемги билимлендириў министрлигиниң берген мағлыўматына қарағанда республикамызда өз жумысын қайта баслаған балалар бақшаларының саны бүгинги күнде 571 ге жетти.

400 мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкеминиң  181 и ашылды.

Ал 68 мәмлекетлик емес жеке меншик шериклик тийкарындағы   мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң 57 и, 7 жеке меншик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң алтаўы, 385 шаңарақлық мәмлекетлик емес мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң   327 си өз жумысын баслады.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,  

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы