Репрессия қурбанлары естелиги музейи Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде 2018-жылы шөлкемлестирилген. Музей университеттиң мәлимлеме-ресурс орайы имаратында жайласқан болып, экспозиция залы ҳәм фонд сақлаў бөлмесинен ибарат. Экспозициялық жумыслардан келип шығып, музей 4 блок ҳәм 8 бөлимнен ибарат болып, олар 1 залда келиўшилердиң нәзерине усынылады.

Қарақалпақстан Республикасы туризмди раўажландырыў аймақлық басқармасы усы музей ҳаққында мағлыўмат жәриялады.

 

1-бөлим – «Орта Азияның Патша Россиясы тәрепинен басып алыныўы, жергиликли халықтың еркинлик ҳәм азатлық ушын гүреси (1868-1900-жж)»;

 

2-бөлим – «Түркстандағы миллий ояныў ҳәрекети, оның әмелий бағдарлары ҳәм тулғалары (1901-1917-жж)»;

 

3-бөлим – «Түркстан Автономиясының сапластырылыўы ҳәм ўәлаятта большевиклер ҳәкимиятының орнатылыўы (1917-1929-жж)»;

 

4-бөлим – «Совет мәмлекетиниң репрессиялық сиясатының басланыўы (1929-1936-жж)»;

 

5-бөлим – «1937-1938-жыллардағы «Үлкен қырғын»;

 

6-бөлим – «1940-1950-жыллардағы сиясий репрессиялар»;

 

7-бөлим – «1980-жыллардағы репрессия, «Пахта иси» кампаниясы»;

 

8-бөлим – «Ғәрезсизлик жылларында тарийхый әдилликтиң тиклениўи, репрессия қурбанлары естелигиниң мәңгилестирилиўи, миллий қәдириятларды абайлап-сақлаў ҳәм раўажландырыў жолында әмелге асырылған тарийхый жумыслар (1991-жылдан кейинги дәўир)».

Музей фондын ҳәм экспозициясын толтырыў мақсетинде музей хызметкерлери тәрепинен республикамыздың барлық район ҳәм қалаларынан экспонатларды топлаў жумыслары алып барылды ҳәм нәтийжеде усы күнге шекем музей фондында 2 мыңға шамалас экспонат жыйналды. Бул экспонатлар арасында ҳүжжетлер, фотоҳүжжетлер, жазба дәреклер, китаплар, фотолар, картиналар, буйымлар ҳәм басқа экспонатлар бар.

Музейде «1937-1938-жыллардағы «Үлкен қырғын», «1940-1950-жыллардағы сиясий репрессиялар», «Пахта иси», Репрессия дәўири бойынша илимий жумыслар алып барған тарийхшы илимпазлардың илимий дөретпелери үйренип шығылмақта ҳәм олардың жеке коллекциясынан үлгилер экспозициясы шөлкемлестирилди, сондай-ақ, репрессияға ушыраған мәмлекетлик ғайраткерлер, шайырлар ҳәм жазыўшылар, мәденият, илим, билимлендириў тараўлары хызметкерлериниң мийнетлери ҳаққында илажлар шөлкемлестириледи.

 

Қарақалпақшалаған: Майсара Достанова,

ҚМУ журналистика бағдарының студенти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.