Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Расул Кушербаев өзиниң Телеграм тармағындағы каналында Қоңырат районы «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйыны Қазақ аўылындағы 130-жайда жасайтуғын пуқара К.Тулаеваның мүрәжатын жәриялады.

 

«Аўылымызда поликлиника шөлкемлестирилген, бирақ ҳаяллар ушын туўыў бөлими жоқ. Қоңырат районы орайындағы туўыў комплексине шекем 320 километр. Ҳаялларымыз туўыў процесинде қыйналады, үй шараятында ямаса жолда туўыўға да туўра келмекте.

 

Бизиң аўылдың ҳаяллары ушын туўыў комплексин шөлкемлестириўге әмелий жәрдем бериўиңизди сораймыз», – деп жазылған мүрәжатта.

 

Депутат Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм басқа жуўапкер мәкемелерден усы машқалаға итибар қаратып, 5 мыңға шамалас халық жасайтуғын «Қарақалпақстан» посёлкалық пуқаралар жыйынында жасайтуғын ҳаяллар ушын туўыў комплексин шөлкемлестирип бериў илажларын көриўди сораған. Бул бойынша Министрлер Кабинетине мүрәжат жиберилгенлигин қосымша етип өткен.

 

«Заманагөй медицинаны енгизиўге қәдем тасланып атырған жигирма биринши әсирде Өзбекстанда бундай машқаланың сақланып турғанын ҳеш нәрсе менен ақлаўға болмайды», – деп жазады Кушербаев.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.