Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 3-майдағы «Тери-аяқ кийим ҳәм баҳалы тери жетистириў тараўларын раўажландырыў ҳәм экспорт потенциалын арттырыўды буннан былай да хошаметлеў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында сол жылы 8 августта қабыл етилген бийликте қосымша қун салығынан жеңиллик қолланылатуғын товарлардың дизими келтирилген. Бул дизим бойынша «натрий сульфит» товарына бажыхана төлемлеринен жеңиллик берилетуғынлығы көрсетилген.

 Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, тилекке қарсы айырым исбилерменлик субъектлери тәрепинен бийлик талапларын өз мәпине пайдаланыў жағдайлары ушыраспақта. Қәнигелердиң атап өткениндей, натрий сульфид товары күкирт бояўларын ислеп шығарыўда, тери өниминен жүнли қатламын ажыратып алыўда, суўды химиялық жол менен тазалаўда қолланылады. Ал, натрий сульфит болса, фотографияда, гезлеме ҳәм талшық ислеп шығарыўда, реңли металларды қайта ислеўде ҳәм шығынды суўларын зыянсызландырыўда пайдаланылады.

Қарақалпақстан Республикасы бажыхана басқармасы контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими «Нөкис» сыртқы экономикалық байланыс бажыхана посты хызметкерлери менен биргеликте постта рәсмийлестирилген бажыхана жүк деклерациялары тексерилгенде, аймақта жумыс алып барыўшы исбилерменлик субъектлериниң атына алып келинген натрий сульфид товары болыўына қарамастан жоқарыдағы дизимде көрсетилген «натрий сульфит» товарына қолланылатуғын жеңилликке ийе болмақшы болып, усы тийкарда рәсмийлестириў ушын ҳүжжетлерди бажыхана уйымларына усынылғаны анықланды. Бул жағдайда қосымша қун салығынан дерлик 51 миллион сум муғдарында қосымша бажыхана төлеми есапланды.

Мине усындай жағдай бойынша және бир исбилерменлик субъекти атына алып келинген  ҳәм ҳүжжетлерде «жеңилликли товар» сыпатында көрсетилген «натрий сульфид»  товарына 27 миллион сум муғдарында қосымша бажыхана төлемин төлейтуғын болды.

Бул еки жағдай бойынша сорастырыў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы