2-ноябрьден баслап Өзбекстан Республикасы Орайлық банки өлшемли алтын қуймаларды коммерциялық банклер арқалы сатыўға шығарды.

 

Бул алтын қуймалар халықтың инвестициялық ҳәм топлаў имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, қымбат баҳалы металлар айланысын раўажландырыў мақсетинде шөлкемлестирилгенлиги мәлим етилди.

 

Алтын қуймалардың үлгилери, баҳалары ҳәм сатып алыў шақапшалары сыяқлы мағлыўматлар Орайлық банктиң веб-сайтында жәрияланды.

 

Мағлыўматта жазылыўынша, Қарақалпақстан Республикасында алтын қуймаларды халыққа сатыў «Ҳамкорбанк»тиң Нөкис филиалында әмелге асырылмақта.

 

Ҳәзирги ўақытта алтын қуймаларды сатыў баҳасы 5 грамм ушын – 3 436 000 сум, 10 грамм – 6 623 000 сум, 20 грамм – 13 121 000 сум, 50 грамм ушын – 32 177 000 сум етип белгиленген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.