ӨзЛиДеП Сиясий Кеңеси Атқарыў комитети тәрепинен «Исбилермен ҳаял» таңлаўы төрт жылдан берли турақлы түрде өткерилип келинбекте.

Усы жылдың 31-октябрь күни Ташкент қаласында таңлаўдың Өзбекстан Республикалық басқышы болып өтти.

Таңлаўға Қарақалпақстан Республикасы Шымбай районы «Ақылбекова Гүлнар» фермер хожалығының баслығы Гүлнар Ақылбекова да қатнасып, төрешилер қурамы тәрепинен  мийнети мүнәсип баҳаланды ҳәм сыйлы екинши орынға ылайық, деп табылды.

– Таңлаўдың Қарақалпақстан Республикалық басқышында биринши орынды ийелеп, Өзбекстан Республикасы басқышына жоллама алған едим дейди – таңлаў жеңимпазы Г.Ақылбекова. – Жумыс баслағанымызға  үш жыл болды. Тийкарынан боян өсимлигин жетистирип, плантацияларда  тәрбиялап, оларды экспорт етемиз.

Фермер хожалығында боян тамырды жетистириў бойынша жыллық дәрамат 3 миллиард сумды қурайды ҳәм 20 пуқара турақлы жумыс пенен тәмийинленген.

Сондай-ақ, фермер хожалығымды кеңейтиў мақсетинде бос турған имаратты нольлик баланстағы тендерде жеңип алып, халыққа хызмет көрсетиў мақсетинде иске түсирдим.

Имараттың  биринши қабатында бир неше саўда орынлары, гөш өнимлери, аўқатланыў орны, компьютер хызмети, азық-аўқат ҳәм саўда шақапшалары жумыс ислеп турған болса, екинши қабатында халықтың саламатлығын беккемлеў мақсетинде жеке медициналық хызмет көрсетиў бөлимлери жумыс алып бармақта.

Алдағы режелеримниң бири сыпатында Россия мәмлекети менен биргеликте шәртнама тийкарында «Коронавирус»қа қарсы вакцина менен емлеў орайы»н ашыўды айтып өтсем болады.

Таңлаў жүдә жоқары дәрежеде шөлкемлестирилди. Карантин қағыйдаларына әмел еткен ҳалда ашық ҳаўада болып өтти. Таңлаўдың республика   басқышында жеңимпазлар қатарынан орын алғанымнан  оғада қуўанышлыман.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги